ҲӘЗИРГИ ҚАРАҚАЛПАҚ ТИЛИНДЕ ПАРЦЕЛЛЯЦИЯ ҚУБЫЛЫСЫ ҲАҚҚЫНДА

Mualliflar

  • Халмуратов Т.Ж.

    Nukus State Pedagogical Institute named after Ajiniyaz image/svg+xml

Kalit so‘zlar: partcellation, sentence division, basic sentence, partcellator

Annotatsiya

The article is devoted to the study of parcelled constructions in the modern Karakalpak language.

Foydalanilgan adabiyotlar

1. Дизбекли қоспа гәплер: а) және сыяқлы бирикти- риўши дәнекер жәрдеминде: Қыз ӛзинше ләззетленип күлди. Және ярым шақырымдай илгерилеп барып тор- моз берди (Б. Аймухаммедова); б) ямаса, яки я болмаса сыяқлы айырыў дәнекерлери жәрдемине берилетуғын айырыў дизбекли қоспа гәп: Сен неге маған қусап шақалақлап күлмейсең. Ямаса мени сынап жүрипсеӊ бе? (Т. Қайыпбергенов). 2. Бағыныңқылы қоспа гәплер: а) ҳәтте дәнекер-жанапайы жәрдеминде: Ҳеш нәрсени ойламайсаң. Ҳәтте Аралдың тәғдирин Москваның адамлары ойлап атыр ғой (Н.Курбанбаева) ҳәм т.б. [8:14-19]. Ҳәзирги заман қазақ тилинде парцелляция кон- струкциялары ҳаққында А.Т.Акыжанова ӛзиниң «Структурные особенности парцеллированных пред- ложений в современном казахском языке» атлы мақала- сында «Синтаксислик конструкцияларды дара-дара компонентлерге бӛлиў әдебий тилге аўызеки тилден ӛткен, соның ушын да олар ҳәр тилде ӛзине тән ӛзге- шеликлер ҳәм мүмкиншиликлерге ийе» деп кӛрсетип ӛткен [1]. Усы кӛзқарастан қарақалпақ тилинде де пар- целляция конструкциялары ӛзине тән ӛзгешеликлер ҳәм мүмкиншиликлерге ийе ҳәм олар кӛркем шығармалар, публицистика текстлеринде кӛплеп ушырасады. Мыс.: Аўыллар шоқ-шоқ болып, бӛлек-бӛлек қонысласқан. Ҳәр қайсысының арасы бир-биринен ат шаптырым, базылары мезгиллик жол [3:72]. Кӛрсетип ӛтилген мысалда коммуникатив жақтан пүтин дәнекерсиз қоспа гәп бӛлшеклениў нәтийжесин- де екиге бӛлинеди: биринши бӛлеги тийкарғы кон- струкция болып, ал екиншиси - қосымша конструкция, яки болмаса парцеляттан турады. Конструкцияның биринши бӛлегинде, яғный формаль жақтан жуўмақланған гәпте, әдетте, тийкарғы хабар жайласты- рылады. Синтаксислик кӛз-қарастан гәптиң екиге бӛлиниўи интонациялық иркинис, ал жазыўда ноқат жәрдеминде жүзеге асырылады. Бундай процесс автор тәрепинен гәптиң бӛлшекленген екинши компонентин (парцеля- тын) арнаўлы түрде айырып кӛрсетип бериў ушын сти- листикалық мақсетте әмелге асырылады. Авторлар тәрепинен парцелляция усылында комму- никатив жақтан толық гәпти бӛлшеклеп бериў усылы мәлимлемени анағурлым дәрежеде мазмунлы, эмоцио- наллы, стилистикалық кӛз-қарастан мәнили етип кӛрсе- тиўи анық. Салыстырың: Сыйыр менен еки ешки, Айтмурат дарғаныки, қалғанлары қоӊсы уйлерге тарқалып кетти. - Сыйыр менен еки ешки, Айтмурат дарғаныки. Қалғанлары қоӊсы уйлерге тарқалып кетти [4:52]; Шолпы ығып баратыр, бирақ шолпыға бай- ланған кендир арқан беккем. - Шолпы ығып баратыр. Бирақ шолпыға байланған кендир арқан беккем [4:69]; Еле баяғы жол, буннан еки жыл бурынғы жол, жаӊарған дымы жоқ. - Еле баяғы жол, буннан еки жыл бурынғы жол. Жаӊарған дымы жоқ [4:6]; Ғобыз шер- тип кӛрип едим, ӛзим келистире алмай жүргенде, үйден әкем қуўып жиберди, қыссаханлық етейин десем, саўат жетиспеди…- Ғобыз шертип кӛрип едим, ӛзим келистире алмай жүргенде, үйден әкем қуўып жибер- ди. Қыссаханлық етейин десем, саўат жетиспеди… [5:118]. Кӛрсетип ӛтилген гәплерди анализлеў барысында парцелляцияға ушыраған гәплердиң екинши бӛлеклери структуралық ҳәм семантикалық жақтан тийкарғы гәплер менен тығыз түрде байланысқан ҳәм олардың даўамы екенлиги мәлим болды. Буларды дәллилеў ушын бӛлшекленген (парцелляцияға ушыраған – Х.Т.) гәплерди бир-бирине қосыўдың ӛзи жеткиликли деп ойлаймыз. Салыстырың: Сонлықтан ба, олардың қай- сысы сӛйлесе де, журтқа жуғымлы. Ҳәмме «ләббәй!» дейди. –Сонлықтан ба, олардың қайсысы сӛйлесе де, журтқа жуғымлы, ҳәмме «ләббәй!» дейди [3:4]; Саўда- герлеримизди қайтармағаны ушын урғың келгенин ур, қарақалпақ халқын кимде-ким ҳәлсиз кӛрип менсинбесе, қалай жазалайтуғынын таныт. Аяма. – Саўдагерле- римизди қайтармағаны ушын урғың келгенин ур, қарақалпақ халқын кимде-ким ҳәлсиз кӛрип менсинбесе, қалай жазалайтуғынын таныт, аяма [3:6]. Парцелляция конструкциялары стуруктуралық жақтан ҳәр қыйлы болып, жай ҳәм қоспа гәплер форма- сында болыўы мүмкин. 1. Парцелляция конструкциялары жай гәп фор- масында: а) парцелляция конструкцияларының екинши бӛлеги – парцеллят – биргелкили баян- лаўыш орнында: Маман Аманлықты күтип Аллаярлар менен күн батқанша отырды. Басқыласты. Күлисти [3:19]; Зорлар зорлығын қылды. Сӛйлетпеди [3:39]; Таңның алдында абылайсаңның жаўыны басланды. Бирден шелекледи [3:90]; —Кӛп-кӛп жол жүрип Орь қорғанына жеттик. Иследик. Аянбай иследик. Қайт- тық [3:92]; Ырысқул бий бул сапары ӛзин әбден қысты. Жадырамады. Кӛп сӛйлемеди [3:308]; б) парцеллят– биргелкили анықлаўыш орнында: Балалардың бәри тастан жонған сүўреттей лал. Ләммимсиз [3:93]; Балам, оның менен талай табақлас болып, талай ашшы-душшыны татысқанбыз. Ақыллы еди. Ири сӛзли еди [3:113]; Ҳәзирги аза үргининиң оннан бир епкин айырмасы жоқ. Қайта тереңирек, қайта аўырырақ [3:241]; Қурт излеген ала-тоғанақтай турақсыз, шақадан шақаға атлағаны атлаған. Тынымсыз, қанаатсыз [3:317]; Ӛзлери жүдә мәс. Кеўилли [3:368].

2. Парцелляция конструкциялары қоспа гәп формасында: 2.1. Парцелляция конструкцияларының екинши бӛлеги – парцеллят - дизбекли қоспа гәп форма- сында: а) бирақ дәнекери жәрдеминде: Егер гӛрге апа- рып тирилей тықса да налымас едим. Бирақ, бала- шағаларым бар [4:15]; Түн ярым ақшамнан аўған еди. Бирақ, еле тоғайдың да, жолдың да кейин таўсылар емес [4:17]; Қасқырлар және қутырынып кеткен еди. Бирақ, бурыңғыдай ҳәрекет жоқ [4:20]; б) лекин, ал дәнекерлери жәрдемине берилетуғын дизбекли қоспа гәп: Белгили уста болғаны ушын Қудайбергенниң аўҳалы басқаларға қарағанда тәўир еди. Лекин, бир ҳәпте бурын бул жерде де аянышлы ўақыя жүз берди [4:15]; Бул усы ҳәўлиниң ийесиниң дийқанларының баспанасы екенлиги сезилип турады. Ал, үй ийеси болса әлбетте бий болыўы итимал [4:13]. 2.2. Парцелляция конструкцияларының екинши бӛлеги – парцеллят - бағыныңқылы қоспа гәп фор- масында: Келисип бас ийзедим. Себеби, нӛкерликте жүрип қашып қутылыў мүмкиншилигин сезер едим [3:9]; Бир жаман жери, қаладан қашқан менен аўыллар үстинен ӛтиў қәўипли. Себеби, аўыл моллалары диншиллер орыс адамын кӛрсе, тутып Хийўаға әкеле- туғыны турған гәп еди [3:9]; Ақыллылар суў ишкен қудыққа түкирмейди. Демек, сиз Киши жүздиң арқасынан ел болып отырғаныңызды умытпас- сыз[3:85]; Азанда келе алмадым. Сол ушын ҳалқасын, түслигин, кешлигин қосып әкиятырман [3:53]; Бул жерде кӛп турыў бийпайда. Ҳужыбатлы ой келмейди. Сол ушын Ырысқулбий «Жандосбай қала берсин» дегендей қолын бир силтеди [3:74]; Дмитрий Гладышевтен сорап ҳеш нәрсе биле алмады. Сол ушын жас бийди алдарқатаман деген ой менен күймесине мингизип отырғаны [3:83]. 2.3. Парцелляция конструкцияларының екинши бӛлеги – парцеллят - дәнекерсиз қоспа гәп форма- сында: Бул жер «Шарлаӯық» деп улкен ат алғаны менен жисмине туӯры келмес еди. Қарсы алды қылыш- тай қайрылып аққан Амиӯдарья. Әтирапыныӊ бәри дут тоғайлық [4:52]; Бул үйде ешким оны жатыр- қамайды. Ҳәммеси ӛз қызындай кӛреди [4:61]; Кимсеӊ Қулман ӯәзирдиӊ ҳаялы боласаӊ. Жегениӊ алдыӊда, жемегениӊ соӊыӊда… [4:90]; Халық деген – бул хан! Халық деген – бул бий [4:115]; Қыстыӊ ысырапыллы күнлери „бәҳәр де шыға қоймады-аў,― деп налынамыз. Бәҳәр шығыўдан қаўын писикти күсеймиз [5:282]; Мен жүремен түни менен, кепшигим қолымда! Сен жүресеӊ журттыӊ уйқлаған қудығы бар ма, жолдыӊ гедир- будыры бар ма, кӛзиӊ тинтинип! [6:133]; Журттыӊ отын кӛмегине кетип баратырған ким, Шундый. Дүзде туӯып қалған биреӯдиӊ бузаӯын үйине апараман деп, шуӯга былғанып келип жүрген ким, Шундый. Биреӯдин жүӯери орағында жүрген ким, Шундый! [6:133]; Ишки дәртин достына айтыӯға қәӯипсинген адам, ҳәммеден қорқып журеди. Ҳәммеден қорыққан адам узақ жасай алмайды [4:53]. Жуўмақлап айтқанда, парцелляция қубылысы қарақалпақ тилинде де ӛзине тән ӛзгешеликлер ҳәм мүмкиншиликлерге ийе, сӛзлердиң қатаң тәртибине ҳәм сӛзлердин гәпте бир-бири менен тығыз байла- нысына қарамастан, қарақалпақ тилинде ҳәр қандай гәпти парцелляциялаўға болады. Әдебиятлар 1. Акыжанова А.Т. Cтруктурные особенности парцеллированных предложений в современном казахском языке // Universum: Филология и искусствоведение: электрон. Научн. Журн. 2014. №3 (5). URL: http://7universum.com/ru/philology/archive/item/1124. 2. Ванников Ю.В. Синтаксис речи и синтаксические особенности русской речи. Изд. 2-е. - Москва : URSS, 2009. –С. 294.

3. Қайыпбергенов Т. Қарақалпақ дәстаны. Маман бий әпсанасы. – Нӛкис: «Билим», 2018, 512-б.

4. Мамбетов К. Бозатаў: Роман ҳәм Повестлер. – Нӛкис: «Қарақалпақстан», 1986, 332-б.

5. Сейитов Ш. Ығбал соқпақлары. Роман. – Нӛкис: «Қарақалпақстан», 1975, 324-б.

6. Сейитов Ш. Халқабад. Роман. Биринши китап: Шар бузыў. – Нӛкис: «Қарақалпақстан», 1977, 324-б.

7. Сейитов Ш. Халқабад. Роман. Екинши китап: Машақатлы асырымлар. -Нӛкис: «Қарақалпақстан», 1981, 411-б.

8. Умаров А.А. Двуязычие и взаимовлияние языков : Межвуз. Сб. науч. Тр. / Чуваш. Гос. ун-т им. И.Н.Ульянова; [Редкол.: М.М.Михайлов (отв. Ред.) и др.]. – Чебоксары: ЧГУ, 1990. –С. 107.