КЕЎИЛ АЙТЫЎ (И.Юсуповтың «Кеўил айтыў» (Яхыт жеңгей қайтыс болғанда Жолмурза ағаға айтылған сөз дөретпеси мысалында)
Авторы
Ключевые слова: соболезнования, жанр, фольклор, пословицы, песни, жизненные бытовые напевы
Аннотация
Библиографические ссылки
1. Кайырлы қаза болсын, ийманы жолдасы болсын.
2. Қайырлы қаза болсын, изи тойлар болсын.
3. Тақаны таўсылған шығар, ийманын берсин.
4. Марҳумның ийманын берсин.
5. Ата менен ананың ғаррылығы жоқ, Бул ялғаншы дүньяның паяны жоқ.
6. Бәрше истиң бар шарасы, Сум әжелдиң жоқ шарасы.
7. Әжел ҳийле таптырмас, Деми таўсылмай ҳешким қалмас, Деми-күниниң болғаны шығар.
8. Ата деген- асқар таў, Сум ӛлим- адамға жаў, Енди илаж жоқ шырағым, Қалғанлар болсын аман-саў.
9. Ана деген алтын бесигиң, Кӛкиреги ашыўлы кең есигиң, Қалай турып қалай жаттың, Билинбес еди кетигиң.
10. Нәресте – ол ушпақы, периште туўры бейиштиң бағына барады.
11. Ата-анасының басы аман болсын, бериўин жазбасын
12. Қудаға ҳәсилик етпең, буннан бетеринен сақласын.
13. Тирилик бар жерде, қаза да бар.
14. Баўыры пүтин адам жоқ.
15. Жаратылған ӛмири қысқа болып, Жибересен енди оған ырза болып, Алланың буйрығына қайыл болып, Баўырың күйиктен шилтер болып.
16. Ӛлмектиң изинен ӛлмек жоқ.
17. Аўқатта, уйқыда, күлкиде ар жоқ, Әжел наймытқа илаж жоқ.
18. Тас түскен жерине аўыр.
19. Ер азаматтың қайғысы, Елли жылда да питпейди.
20. Ана ӛлип, қызы қалса, Тӛсегиң шаң болмайды, Ата ӛлип, бала қалса, Жүги жолда қалмайды.
21. Ат орнын тай басар, Орнында бар оңалар.
22. Қайғы булты кетер, Балаларың аман болып, Бул күнлер умыт болып, Ўақты хошлық та жетер.
23. Жары жолда атың сүрникпесин, Жары жолда жолдасың ӛлмесин.
24. Кимиңди оттан аларман, Кимиңди суўдан аларман, Бендем меннен кӛрмесин.
25. Бул – әжел алладан Бул – тәғдир алладан - дегендей динге де байланыслы исеним сӛзлеринен пайдаланып, тәғдирге тән бериўге тәселле, кеўиллик сӛзлерин айтады. Аза тутып отырған адам бул сӛзлерди еситип аз да болса түйинеди,тәғдир ислерине кӛне баслайды. Жоқлаўшының психологиясына тәсир етиўши «кеўил айтыў» сӛзлери әпиўайы емес. Олардың астарында қатлам-қатлам сӛз мәнилери жатыр. Халық ишинде адамның туўылыўы , басынан кеширетуғын бул дүньядағы ӛмири, ӛмирден кетиўи барлығы тәғдиринде әўелден жазылған деген исеним ҳәм түсиник бар. Бул адамзаттың тилсимли дүнья сырлары фольклорлық дӛретпелер арқалы түрли жанрларда ӛз кӛринисин тапқан. Халық турмысында басына түсип атырған мүсийбетлерден ӛзлерин алып шығыўда «кеўил айтыў» сӛзлериниң улыўмаласқан мазмунын қара сӛз бенен де кӛркемлеп, әпсаналарға айландырып айтыў усыллары да бар: «Кӛзи ашық (палкер) жасы әдеўирге барып қалған бир адамға,- Сениң әжелиң суўдан болады. Суўдан абайлы болып жүр,-деп мәсләҳәт берипти. Ол ақсақал жүдә сақланып, үйиниң алдындағы салмаға да жақынласпай жүрипти. Бир күни намазын оқыў ушын дәрет алыўға қолына қуманын алып сыртқа шығыпты. Дәрет алып болып, изине айланған ўақтында абайсыздан дәрет алған суўына аяғы тайып жығылыпты. Басы қолайсызлаў жерге тийип, сол жерде жаны шығып кетипти». «Әжел ҳийле таптырмас» – «кеўил айтыў» сӛзиниң мазмуны усылай баян етиледи. Бул сӛзлер бир қанша тәселле берип, азалаўшыларды тынышландырады. «Аўқатта, уйқыда, күлкиде – үшеўинде ар жоқ» - деп айтылған сӛзлерде де терең мазмун бар. Адам биологиялық организм, тиришилик етиў ушын ас-аўқат жеў керек, дем алыў керек. Кеўил айтыўшы азадағы ас батпай отырған адамға бул жағдайды түсиндире отырып, тәселле береди. Пикирин жупкерлескен, тәсирли сӛзлерге айландырып, аза тутыўшыларды әсте ақырын даўамлы ӛмир заңларына бойсындырып отырған. Қайғыға батқан адамға тәселле, ақыл бериў, кеўил айтыў арқалы онда руўхый мәдет пайда етеди. Кӛзине дүнья тар болып, ҳәттеки, енди ӛмир жоктай, қараңғылық- ғәплет басқан адамға жарық нур берип, үмит оятып, ӛмирдиң даўамлылығын уқтырады. «Кеўил айтыў»-жоқары адамгершиликтиң, мәденияттың белгиси. Жәмийетте ҳәр бир адам қәдири жоқары дәрежеде ҳүрмет ҳәм иззетке ылайық түрде қатнас жасалады. Ҳәзир «кеўил айтыўдың» рәсмий формасы да пайда болып, олар газеталар арқалы бирге ислескен кәсиплеслери, жора-жолдаслары, жәмәәт тәрепинен жазба, қара сӛзлер менен айтылады. Ел журтқа танылған абырайлы адамлар, үлкен лаўазымлы шахслар дүньядан ӛткенде ҳүкимет басшылары тәрепинен де марҳумның шаңарағына кеўил айтылады. «Кеўил айтыў» жанрында дӛретилген ҳәр бир қосық яки сӛзлер образлы түрде марҳумның ким екенлигине байланыслы дӛретилип гендерлик ӛзгешеликлерге ийе болады. Атаға, анаға, ер адамға, ҳаял адамға, жас адамға, ӛмирлик жолдасқа, нәрестеге байланыслы айтылатуғын поэтикалық мәни жүкленген сӛзлер бир – биринен парқ қылады, бир-биринен ӛзгешеленеди. Тил илиминде болса «кеўил айтыў» сӛзлерин этикет сӛзлер қатарына жатқарады. Фольклорлық дӛретпелер мотивинде карақалпақ әдебиятында жаңа форма болып дӛретилген И.Юсуповтың «Кеўил айтыў»ы қарақалпақ халқының мәденият нормалары жоқары, адамгершилик пазыйлети, дүнья танымы кең, тарийхы терең, миллий ӛзиншелликке ийе халық екенлигин кӛрсетип тур. Әдебиятлар 1. Қанаатов Т. Кеўиллик. // ӚзРИАҚБ «Хабаршы» 2000 №5 82-85-б. 2. Айымбетов Қ. Халық даналығы. –Нӛкис: «Қарақалпақстан», 1988, 19-20-б. 3. Юсупов И. Таңламалы шығармалары үш томлық. II том. –Нӛкис: «Билим», 2018, 288-б.