ҚУРАНЫ КӘРИЙМ ҲӘМ ҲӘДИСЛЕРДЕГИ ӘДЕП-ИКРАМЛЫЛЫҚ ТӘРБИЯ ҲАҚҚЫНДА

Авторы

  • Абаев С.

    Nukus State Pedagogical Institute named after Ajiniyaz image/svg+xml

  • Алламбергенов Е.К.

    Nukus State Pedagogical Institute named after Ajiniyaz image/svg+xml

Ключевые слова: ислам, Коран, мораль, воспитание, хадис, сунна, толерантность

Аннотация

В статье рассматривается роль религиозного наследия в системе культурного наследия, особенно священного Корана и хадисов, которые являются священными источниками ислама, а также разъясняются содержащие в них концепции морали и этики и их важность в текущем образовательном процессе. Также было убедительно доказано, что это наследие является не только религиозными источниками, но и универсальными ценностями которые являются отличным образовательным инструментом, воспитывающим совершенного человека.

Библиографические ссылки

1. Мулайымлық-даналықтың басыдур. Адамлар үстинен күлиўден сақланыңлар

2. Ким кимди дос тутса, оған сол сүйиспеншилигин кӛрсетсин.

3. Барлық исиңизде дурыслы болың, адамлар менен мүнәсибетте жыллы-жумсақ, жипек минезли болың!

4. Адамларға кең пейил болыңлар, сонда адамлар да саған сондай болады.

5. Кәсиптиң ең жақсысы адамның ӛз қолы менен ислей- туғын иси ҳәм ҳадал саўда.

6. Жақсылықты ашық жүзли, хош ҳүрей адамлардан күтиңлер.

7. Бир-бириңиз бенен сәлемлесип жүриңлер, сонда ара- ларыңда ӛз-ара дослық оянады.

8. Перзентлериңизди шын қәлбиңизден жақсы кӛриў менен әдеп-икрамын да жақсылаңлар.

9. Ийманлы адам ўәдесине опалы болады.

10. Мен барлық әдеп-икрамларды жетилистириў ушын жиберилгенмен.

11. Аўқаттың берекетти – оннан алдын ҳә кейин қол жуўыўда.

12. Мүлайымлық ҳә бир нәрсеге зийнет береди. Қайсы нәрсе де мүлайымлық болмаса, ол бузылады.

13. Бақыллықтан жаман иллет жоқ. Журтымыздан шыққән ҳәдис илиминиң жарқын жулдызларының тағы бири Абу Иса Муххаммад ибн Иса әл Бугий ат-Термизий болып табылады. Термизий имам Бухарийдиң шәкирти болған, басқа да кӛплеген муқаддислерден илим үйренген. Ӛзи де бул тараўда ат шығарған ҳәм бир қатар шәкиртлерге устазлық еткен. Ат Термизийдиң «Сунаки ат Термизий» шығармасында инсанда жақсылық пазыйлетлерди қәлиплестириўге қаратылған ҳәдислер топланған. Мәселен: «Алла нәзе- ринде ең жақсы дос - адамларға бирдейине саўаплы ис қылатуғын адамлар»; «Алла нәзеринде ең жақсы қоңсы – ӛз қоңсыларына жақсылық қылыўшыдур»; «Сап де- неде саламат ақыл» деген халық нақылына әмел қылып, данышпан, перзентти жаслықтан ден-саўлықты сақлаўға, әсиресе, ўақытты бийкарға ӛткермеўге шақы- рады; оның «еки нәрсе бар, кӛпшилик оның қәдирин билмейди, биреўи – ден-саўлық, ал екиншиси бос ўақыт» усаған ҳәдислери инсанларды жақсылыққа қарай баслайды. Термизийдиң мәнаўий мийрасы оның шығармала- рындағы инсап, диянат, инсанпәрўарлық ҳәм тағы басқа идеялар бүгинги күнде жасларды жоқары әдеп- икрамлылық руўхында тәрбиялаўда, кәмил инсанды жетилистириўде үлкен әҳмийетке ийе. Биринши прези- дентимиз И.Каримов Ат Термизий ҳаққында қутлықлаў сӛзинде «ҳәзирги күнде Термизийдиң руўхый мийраслары тек ғана диний уламалар арасында ғана емес, ал дүньялық илим ийелери, кең кӛлемдеги жәмийетшилик арасында да ӛз қадир қымбатын таўып атыр. Ол инсанның ең жетик шығармаларынан «Китоб әл-Жамеъ ас-Сахиҳ» ҳәзирге шекем ҳәдис илиминиң тийкарғы дереклериниң бири болып есапланады. Алла- маның әсирлер даўамында алым ҳәм зыялыларға бағдарлама болып келген ақыл ҳәм әдеплилик, инсап ҳәм диянат, әдалат ҳәм инсанпәрўарлықты үгитлеў кең идеяларға кыян кески дәўиримиздиң қурамалы ҳәм қар- сылықлы руўхый – әдеп-икрамлылық мәселелерин шешиўде заманагӛй әҳмийетке ийе болмақта» [3:11-12] деп атап кӛрсеткен еди. Қураны Кәрийм ҳәм ҳәдислерде инсанның ата-ана, шаңарақ, перзентлер алдындағы жеке жуўапкершилик, сондай-ақ, жәмийет, халық, ўатан алдындағы мийне- тлери баянланады. Олардың тәрбиялық күши оғада ис- енимли, баянлаў формасы тәсиршең, мазмуны әзелден киятырған халықлық әдиўли ой-пикирге мас келеди. Демек, Ислам дереклеринде жәмийеттиң бүгини ҳәм келешеги ҳаққында философиялық идеялар жәмийет- лик, сиясий-экономикалық, мәнаўий мәдений пробле- малар, улыўма инсаний ҳәм миллий әдеп-икрамлылық нормалар ӛз сәўлесин тапқан. Мәнаўий пазыйлетлер Исламда қәлиплескен «саўап» ҳәм «гүнә» ӛлшемлери менен баян етилген. Ҳәдислер кәмил инсан тәрбиясына айрықша итибар береди, перзент туўылғаннан баслап, ер жеткенге шекем орынланыўы лазым болған илажлар баянланады. Перзентлердиң ата-ана алдындағы минне- тлери ҳәм ўазыйпаларын орынлаўын қатаң түрде талап етеди. Ҳәдислерде билимли болыўға, жаслықтан илим алыўға умтылыў, мәнаўий жақтан жетикликке умтылыў ең зәрүрли инсаний талаплар дәрежесине кӛтерилген. Ҳәдислерде адамлардың ӛмири ушын керекли күнде- ликли жасаў тәризине байланыслы зәрүрли ислерди орынлаў талабы қойылады, экологиялық ҳәм санията- риялық гегеналық миннетлер де белгиленеди. Тәбиятты таза сақлаў ҳәтте суўға түпирмеў, егин егиў, медресе ҳәм мешит салыў, кӛпир қурыў, канал салмалар қазыў арқалы суў шығарыў, тың жерлерди ӛзлестириў иләҳий талаплар дәрежесине кӛтериледи. Ҳәдислер адамларды даналыққа, илимлиликке, билимлиликке, марифатлы- лыққа ҳәм мәнаўиятқа шақырады. Шығыс халықлары- ның қымбатлы мийрасы болған ҳәдислердиң терең фи- лософиялық мазмуны жасларымыздың мәнаўий дүньясын тәрбиялаўға сӛзсиз хызмет етеди. Исламдағы әдеп-икрамлықты тәрбиялаў мүмкинши- ликлеринен толық дәрежеде пайдалана отырып, бәри- нен бурын жәмийеттиң ҳәм ӛз ийгилигине ҳадал мий- нет етиў, жәмийетлик ҳәм жекке байлықты кӛбейтиў туўралы ғамхорлық, ӛз мәмлекетиниң нызамларын қатаң сақлаў, диний исенимине ҳәм миллетине қарама- стан, адамлар арасында дослық, татыўлық ҳәм бирге ислесиўге қаратылған бағдарын күшейтиў ҳәм әҳмийетли ўазыйпалардан болып табылады. Ислам дереклеринде сәўлеленген жоқары дәрежеде- ги әдеп-икрамлылық идеялары ҳәзир де ҳәр тәреплеме раўажланған кәмил инсанларды қәлиплестириўдиң оғада әҳмийетли факторы болып келмекте. Әдебиятлар 1. Мирзиѐев Ш.М. Еркин ҳәм абадан, демократиялық Ӛзбекстан мәмлекетин мәрт ҳәм уллы халқымыз бенен бирге қурамыз. / «Еркин Қарақалпақстан», 17-декабрь, 2016. 2. Мирзиѐев Ш.М. Ислам бирге ислесиў шӛлкеми сыртқы ислер министрлери кеңеси 43-сесиясының ашылыў мәресиминде сӛйлеген сӛзи. / «Еркин Қарақалпақстан», 20-октярь, 2016. 3. Каримов И.А. Ислам зиѐси ўзбегим симосида. –Ташкент: Ислам университети, 2005. 4. Қураны Кәрийм мәнилериниң қарақалпақ тилиндеги аўдармасы ҳәм тафсири. Аўдармашы: Шамсуддин Баҳаўиддинов. - Ташкент: «Ўзбекистон», 2019, 624-б.