КҮНДЕЛИКЛИ БАСПАСӨЗ ТИЛИНДЕ ШАХСТЫ АҢЛАТЫЎШЫ ПЕРИФРАЗАЛАРДЫҢ ҚОЛЛАНЫЛЫЎЫ
Avtorlar
Gilt sózler: periphrasis, newspaper text, journalistic genre, comparisons, figurative and expressive means
Annotaciya
Paydalanılǵan ádebiyatlar
1. Журналистика тараўындағы белгили шахслар менен байланыслы перифразалар. Тараўда жумыс алып барып атырған белгили журналистлердиң дӛретиўшилиги, тараўдағы нәтийжели хызметлери ҳаққында таярланған мақалаларда журналистика тараўы менен байланыслы перифразаларды кӛплеп ушыратыўға болады. Мысалы: «Ол кӛптен күткен радиосын ашыў ушын лицензияны қолға киргизди ҳәм Қарақалпақстанға ең дәслепкилерден бийғәрез журналистиканы алып кирген инсан сыпатында тарийхта қалды» («Еркин Қарақалпақстан» 2022.10.09. №109). Қарақалпақстанға ең дәслепкилерден бийғәрез журналистиканы алып кирген инсан перифразасы Бахытбек Елмановтың исми менен байланыслы. «Жақсылардың аты мәңгилик» рубрикасында «Садықлықта үлги тутар инсан еди...» темасындағы мақала журналист Пердегүл Хожамуратованың авторлығында таярланған. Мақалада Халмурат Сапаровтың мийнет жолы, дӛретиўшилик жумыслары кең мазмунда ашып бериўге ерисилген. Перифразалар былай қолланылған: «Ӛткен жылы қарақалпақ балалар әдебиятының ири тулғаларының бири, баспасӛз тараўының пидайы хызметкери Халмурат Сапаровтың туўылғанына 80 жыл толды» («Еркин Қарақалпақстан» 2013.17.01. №8). Қарақалпақ балалар әдебиятының ири тулғаларының бири перифразасы Халмурат Сапаровтың исми менен байланыслы. «Балалар шайыры балалар газетасына барғаннан кейин «балық суўға киргендей» жумысқа қунығып кетти» («Еркин Қарақалпақстан» 2013.17.01. №8). Балалар шайыры балалар газетасы перифраза сыпатында қолланылған болып, Х.Сапаров ҳәм «Жеткиншек» газетасы сӛзлериниң орнына ислетилген. «Марҳум устаз, қарақалпақ интернет журналистикасының тийкарын салыўшылардың бири Б.Тилеўмуратов пенен биргеликте жазған бир қатар сын материаллары, қарақалпақ фотожурналистикасында орны гиреўли Б.Алдашев (марҳум), Ж.Жақсымуратовлар менен биргеликте таярлаған сүўретли очерклери де республикамыз бас газетасының сапалы шығыўына үлес қосты» («Еркин Қарақалпақстан» 2017.28.02. №26). Бир текстте перифразалардың катар қолланылыў процеси сӛзлерди тәкирарламаў ушын әҳмийетли саналады. Қарақалпақ интернет журналистикасының тийкарын салыўшылардың бири – Б.Тилеўмуратов, қарақалпақ фотожурналистикасында орны гиреўли – Б.Алдашев (марҳум), Ж.Жақсымуратов, республикамыз бас газетасы – «Еркин Қарақалпақстан» газетасы. Бул перифразалар газета оқыўшысына тараў белсендилерин жақыннан таныстырыў, айрықша хызметлерин атап кӛрсетиў мақсетинде де қолланылған деп айтыўға болады.
2. Әдебият тараўында исми белгили шахслар менен байланыслы перифразалар. Бундай перифразалар арнаўлы рубрикаларда берилген мақалаларда ушырасады. Мақалалар болса журналистлер менен бирге тараў қәнигелери авторлығында таярланған. Әлбетте ӛз тараўының жетик қәнигелери тәрепинен таярланған мақалаларда тилдиң кӛркемлеў қураллары ӛз орнында ҳәм шебер жеткериледи. Сонлықтан, әдебият тараўы менен байланыслы болған перифразалар газета тили арқалы кең жәмийетшиликке жүдә жақсы таныс екенлиги бәршеге белгили. Мысалы: «Ӛзбек жазыўшыларынан А.Қадирийдиң «Ӛткен күнлер», А.Қаҳҳар, С.Ахмад, П.Қадиров, Зульфия, С.Зуннунова, Э.Воҳидов ҳәм А.Ариповлардың шығармалары менен жақыннан таныс болды. Ал, қарақалпақ әдебиятының тырнағын қалаўшылардан Жийен Жыраўдың «Посқан ел», Әжинияз бабамыздың «Еллерим барды» ҳәм «Бозатаў» шығармаларынан жүдә тәсирленген» («Еркин Қарақалпакстан» 2019.28.11. №145). Мысалдағы қарақалпақ әдебиятының тырнағын қалаўшылардан перифразасы Жийен Жыраў, Әжинияз шайыр исми менен байланыслы. «Туўысқан ӛзбек халқының перзенти, ӛзбек әдебиятының мақтанышы ҳәм тийкаршысы, уллы шайыр Әлийшер Наўайы есапланады» («Еркин Қарақалпақстан» 2023.11.02. №15). Туўысқан ӛзбек халқының перзенти, ӛзбек әдебиятының мақтанышы ҳәм тийкаршысы перифразасы Әлийшер Наўайының исми менен байланыслы. Шахсқа байланыслы перифразалар ең ӛнимли формада қолланылып атырғанлығын газета тилиндеги ӛзине тән ӛзгешелик сыпатында атап кӛрсетиўге болады.
3. Илимпазлар менен байланыслы перифразалар. Республикалық газеталарда портрет очерклери турақлы рубрикаларда бериледи. Оларда илимпазлар, оқытыўшылар, тараў басшылары, жетик қәнигелер ӛмири ҳәм турмысы менен жақыннан таныстырылады. Портрет очерклериниң баянлаў тилинде перифразалар да бар. Мысалы: «Бул ўақытта уллы талант ийеси, жазыўшы ҳәм әдебият тарийхын изертлеўши Нәжим аға Дәўқараев экономика культура институтында директор болып ислеп атырған ўақты» («Еркин Қарақалпақстан» 2017.22.04. №51). Мысалдағы уллы талант ийеси, жазыўшы ҳәм әдебият тарийхын изертлеўши перифразасы Нәжим аға Дәўқараев исми менен байланыслы. «Бул – Қарақалпақ халқы қәдирлеген талантлы алым, әдебият илиминиң байтерегинен айырылып қалған қайғылы күнлери еди» («Еркин Қарақалпақстан» 2017.22.04. №51). Бул жерде Қарақалпақ халқы қәдирлеген талантлы алым, әдебият илиминиң байтереги перифразасы арқалы Н.Дәўқараев исмин баян етип тур. Бир контекстте избе-изликте баян етилген перифразалардың барлығы белгили инсанлардың исми менен байланысып келеди. Қарақалпақ күнделикли баспасӛзиниң мағлыўматты, фактти, қаҳарманның ӛмири ҳәм дӛретиўшилик жумысларын анық ҳәм түсиникли етип жеткериў шеберлиги сыпатында кӛрсетиўге болады. 4. Уллы дӛретиўшилер менен байланыслы перифразалар. Бундай перифразалар арқалы газета оқыўшысын логикалық ойлаўға шақыра алған. Мысалы: «Ӛзиниң бай-дәўлетли ӛмирин илимге, машақатлы саяхатларда тек те китапқумарлық ӛмирге алмастырған уллы инсан «Шығыс Аристотели» атына ийе болды («Еркин Қарақалпақстан» 2022.16.08. №97). Мысалдағы уллы инсан «Шығыс Аристотели» перифразасы Абу Наср Фарабийдиң исми менен байланыслы. «Соң Т.Қабулов сӛзине жазылған нама қосықларынан дүзилген концерт бағдарламасы қойып берилди. Шайырды еслеп ғана қоймастан келген мийманлар жанға жағымлы қосықлар тыңлады. «Халық қәлбинде қосық болып жаңлаған шайыр» атлы әдебий, музыкалы-хореографиялық еске түсириў кешеси нағыз поэзия байрамы болды» («Қарақалпақстан жаслары» 2014.08.05. №21). Халық қәлбинде қосық болып жаңлаған шайыр перифразасы Т.Қабуловтың исми менен байланыслы. «Ҳәзирги күнде қарақалпақ дӛретиўшилигиниң жүзин белгилеп турған Набийра Тӛрешова, Кеңесбай Реймов, Бахтияр Генжемуратов, Сағынбай Ибрагимов, Гүлнара Нурлепесовалар менен бир дәрьядан суў ишеди, бир халықтың әрманларын билдиреди, заманның жүрек дүрсилине тән қатарлар жаратады» («Еркин Қарақалпақстан» 2023.21.01. №6). «Ҳәзирги күнде қарақалпақ дӛретиўшилигиниң жүзин белгилеп турған перифразасы Набийра Тӛрешова, Кеңесбай Реймов, Бахтияр Генжемуратов, Сағынбай Ибрагимов, Гүлнара Нурлепесовалардың исми менен байланыслы. Газеталардағы материалларда перифразалар жүдә кӛп. Информациялық, аналитикалық ҳәм кӛркем-публицистикалық жанрларды бақлап қарасақ ҳәр бир жанрда түрли формада берилген. Демек, газета перифразаларын түрли темаларда бақлап қарайтуғын болсақ, газета тили әдебий тилден шебер пайдаланып атырғанлығынан дерек береди. 5. Кӛркем ӛнер тараўындағы белгили шахслар менен байланыслы перифразалар. Газета тилинде тараў терминлери менен бирге тараўларға тийисли перифразалар жийи ушырасады. Әсиресе, олардың кӛпшилиги тараў пидайылары есапланған инсанлардың исми менен байланысып келеди. Мысалы: «Усындай талант ийеси Нәжимаддин Муҳаммеддиновтың 80 жасқа толыў юбилейине арналған «Саз әлеминиң султаны» атамасындағы саз-сәўбет кешеси Нӛкис мәмлекетлик педагогикалық институтында болып ӛтти» («Еркин Қарақалпақстан» 2017.08.04. №44). «Нәжимаддин Муҳаммеддинов қарақалпақ халқының кӛрнекли тулғаларының бири, XX әсир қарақалпақ музыка мәдениятын раўажландырыўға айрықша үлес қосқан композитор» («Еркин Қарақалпақстан» 2017.08.04. №44). «Нәжимаддин Муҳаммеддинов Қарақалпақстан Республикасының гимниниң, халқымыздың туңғыш операсы ҳәм балетиниң, симфониясының авторы» («Еркин Қарақалпақстан» 2017.08.04. №44). Мысаллардағы саз әлеминиң султаны, қарақалпақ халқының кӛрнекли тулғаларының бири, XX әсир қарақалпақ музыка мәдениятын раўажландырыўға айрықша үлес қосқан композитор, Қарақалпақстан Республикасының гимниниң, халқымыздың туңғыш операсы ҳәм балетиниң, симфониясының авторы перифразалары Нәжимаддин Муҳаммеддиновтың исми менен байланыслы. Кӛркем ӛнер тараўы менен байланыслы перифразалар республикалық, қалалық, тараўлық ҳәм районлық газеталар тилинде де жийи ушырасады. 6. Белгили шахслар менен байланыслы перифразалар. Әдебий тил түрли тараўлар менен тығыз байланыста болыў арқалы ғана жетилисип барады. Ал, бул тараўлардағы реформалар газета тилинде турақлы баян етиледи. Сонлықтан, әдебият тараўына тән болған прозада белгили шахслар менен байланыслы перифразалар күнделикли баспасӛз тилинде түрли кӛринисте баян етиледи. Мысалы: «Қарақалпақ прозасының үлкен-киши байтереклери – Тӛлепберген Қайыпбергенов, Камал Мәмбетов, Оразбай Абдирахманов, Муратбай Нызановлар да усы елде камалға келген» («Еркин Қарақалпақстан» 2023.21.01. №6). Келтирилген мысалдағы қарақалпақ прозасының үлкен-киши байтереклери перифразасы Тӛлепберген Қайыпбергенов, Камал Мәмбетов, Оразбай Абдирахманов, Муратбай Нызановлардың исми менен байланыслы. «Биз ҳеш кимнен кем болмағаймыз» деген қосығының лейтмотиви заманымыздың Зульфия, Назым, Ҳикмет, Пабло Неруда, Самед Вурғун, Эдуардас Межелайтис, Егише Чаренц сыяқлы алдыңғы сӛз зергерлериниң симфониясына қосылады» («Еркин Қарақалпақстан» 2023.21.01. №6). Келтирилген қатарлардағы заманымыздың алдыңғы сӛз зергерлери перифразасы Зульфия, Назым, Ҳикмет, Пабло Неруда, Самед Вурғун, Эдуардас Межелайтис, Егише Чаренцлердиң исми менен байланыслы. Демек, қарақалпақ прозасының үлкен-киши байтереклери, заманымыздың алдыңғы сӛз зергерлери перифразалары шахс пенен байланыслы. Контекстте тәсиршеңликти арттырыў мақсетинде усындай усылдан пайдаланғанлығын газеталардан алынған мысаллар арқалы дәлийллеп кӛрсетиўге болады. 7. Жәдидшиликте хызметлери айрықша болған шахслар менен байланыслы қолланылған перифразалар. Кең жәмийетшиликке илим ҳәм билимлендириў тараўы ҳәр дайым жетекши тараўлардың бири екенлиги газетадағы арнаўлы рубрикаларда берилген мақалалар арқалы жеткериледи. Ал, олардың тийкарын салыўшыларды газета оқыўшылары газета арқалы биледи. Себеби, газета перифразаларында анық, ықшам ҳәм түсиникли баян етиледи. Мысалы: «Уллы мәнаўиятлы ҳәм жадидшилик ҳәрекетиниң ўәкили Махмудхожа Беҳбудийдиң «Театр – бул ибратхана» деген пикири бүгинги күни де ӛз әҳмийетин жойтқаны жоқ» («Қарақалпақстан мәденияты» 2023.21.01. №2). Мысалдағы уллы мәнаўиятлы ҳәм жадидшилик ҳәрекетиниң ўәкили перифразасы Махмудхожа Беҳбудийдиң исми менен байланыслы. Кейинги мысалда: «17-январь күни пайтахтымыздағы Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагӛйлер театрында бириншилерден болып драмалық шығарма жазып, ӛзбек театрының тийкарын салған М.Беҳбудийдиң «Атабийзар» («Падаркуш» - яки оқымаған баланың аўҳалы) трагедиясының премьерасы болып ӛтти» («Еркин Қарақалпақстан» 2023.21.01. №6). Бул мысалдағы ӛзбек театрының тийкарын салыўшысы перифразасы Махмудхожа Беҳбудийдиң исми менен байланыслы. Белгили инсанлар исми менен байланыслы болған перифразалар газета оқыўшыларын алға умтылыўға бағдарлайды. Демек, газета тили түрли тараўлар ҳаққында информация жеткереди, екиншиден, логикалық ойлаўға шақырады, үшиншиден, газета оқыўшысының билиў дәрежесин кеңейтиўге хызмет етеди. Газета бетлеринде рәңбә-рең мақалалар бериледи. Олардың баянлаў тили арқалы теңеўлерди, тәрийплеўлерди, таллаўларды ҳәм перифразаларды кӛрип газетаның күшли қураллардың бири екенлигин билиўге болады. Себеби, әдебий тилдиң барлық бай ғәзийнеси журналист, публицист, шайыр ҳәм шайыралар дӛретиўшилиги арқалы және де жетилиседи. Ал олардың дӛретиўшилиги газета арқалы пүткил жәмийетке жеткериледи. Әдебиятлар 1. Новиков А.Б. Словарь перифраз русского языка (на материале газетной публицистики). – Москва: Русский язык Медиа, 2004. 352-б. 2023, № 2. 80-83-б. 3. Шомақсудов А, Расулов И, Қўнғуров Р, Рустамов Ҳ. Ўзбек тили стилистикаси. -Тошкент: «Ўқитувчи», 1983, 243-244-б.
4. Аҳмадова У.Ш. Публицистик услуб перифразаси хусусида. Бухора давлат университети Илмий ахбороти. № 2. 2017. 96- 101-б.
5. Аҳмадова У.Ш. XXI аср публицистик перифразалари. Педагогик маҳорат. № 2. –Бухоро: 2018. 213-216-б.
6. Қодирова З. Перифраза – образли идрок маҳсули. Ilm sarshashmalari. № 10. -Урганч: 2019. 54-57-б.
7. Бекбергенов А. Қарақалпақ тилиниӊ стилистикасы. -Нӛкис: «Қарақалпақстан», 1990. 82-б.
8. Пирниязова А.К. Қарақалпақ тилиндеги перифразалар. // Ҳаял-қызлардыӊ илимдеги орны (2008-жыл «Жаслар жылы»на бағышланады) Республикалық илимий-әмелий конференция материаллары. –Нӛкис: 2008. 55-56-б.
9. Оразымбетова З. Қарақалпақ күнделикли баспасӛзи тилиниӊ стильлик ӛзгешеликлери. -Тошкент: «Hilol Media», 2019. 51- 52-б.