ФОНАЦИЯЛЫҚ ПАРАЛИНГВИСТИКАЛЫҚ ҚУРАЛЛАРДЫҢ ЛИНГВОПОЭТИКАЛЫҚ ӘҲМИЙЕТИ
Avtorlar
Gilt sózler: paralinguistics, phonation, kinetics, graphics, linguopoetics, paralinguistic tools, extralinguistics, timbre of speech, sound intensity, rate of speech, melody
Annotaciya
Paydalanılǵan ádebiyatlar
1. Фонация – даўыс жолларының артикуляр ҳәрекети менен сеслерди ӛзгертип қолланыў;
2. Кинетика – ҳәр түрли қыймыл-ҳәрекетлер, мимика ҳәм пантомимикадан ибарат болған байланыс қураллары системасы;
3. Графика – ҳәрип яки сӛздиң жазыўшы ушын қолайлы болған формалар жәрдеминде билдирилиўи. Автор бул мийнетинде паралингвистикалық қуралларды субъекттиң вербал (сӛз арқалы) коммуникациясының шала тәреплерин толықтыратуғын коммуникатив система сыпатында түсиндиреди [3:494]. Паралингвистикалық қураллардың биринши түри фонация (грекше «phone» − «сес», «даўыс») болып, ол аўызеки сӛйлеў процесинде ӛзгертилген сести пайда етиў ушын түрли сеслердиң артикуляр характеринен пайдаланатуғын түри есапланады. Фонациялық қураллар еки топарға бӛлинеди: лингвистикалық (тил) ҳәм паралингвистикалық (просодия). Лингвистикалық фонацияға тил сеслери, интонация, пәт ҳәм пауза киреди. Паралингвистикалық фонация даўыстағы экстралингвистикалық белгилерди, сес сыпаты, сӛйлеў тембри, сес күши, сӛйлеў темпи ҳәм мелодиканы үйренеди. 1. Экстралингвистика. Экстралингвистика (инглисше «external linguistics, metalinguistics») − сыртқы тил билими деген мәни аңлатады [4:217]. Экстралингвистика сес системасына кирмейтуғын, аўызеки сӛйлеў процесин толықтыратуғын ҳәм сӛйлеўшиниң эмоционал жағдайын билдиретуғын сес қосымшалары есапланады. Ол сӛйлеў барысында пайда болып, оларға тутлығыў, күлиў, жылаў, сыбырлаў, гүбирлениў сыяқлы характеризаторлар киреди. Мәселен, Тайтсаң бойма тилиңди, кет аўнаққа, Ултан балам еситсе, бы-бы-басың тешей. («Алпамыс» дәстаны, 80-бет) Бунда сӛйлеў субъектиниң артикуляциялық имканиятлары экстралингвистика жәрдеминде аңлатылған. Дәстандағы персонаж тилинде айырым орынларда тутлығыў (бы-бы-басың) жағдайлары бар болып, бул сыяқлы сӛзлерди кәте қолланыў ҳәм сол надурыс ҳалында тыңлаўшыға жеткериў белгили поэтикалық мақсетлерде қолланылады. Бириншиден, бул усыл арқалы қаҳарман тилиниң индивидуаллығы ашып берилсе, екиншиден, тыңлаўшыда жеңил юмор сезимлерин де пайда етеди. Дәстанлар аўызеки әдебият үлгиси болғанлығы ушын оның тилинде надурыс жумсалған сӛзлер жийи ушырасады. Бул түрли себеплерге байланыслы қолланылған болыўы мүмкин. «Айырым жағдайларда жазыўшының жеке стилине байланыслы ямаса қаҳарманлардың эмоционал жағдайын кӛрсетиў мақсетинде сеслердиң айтылыўы нормал ҳалаттан шығарылады» [5:34]. Мәселен, Алтын қаслы ақ мылтық аттыяйман, Шықпас иске басыңды шаттыяйман, Тилиңди тайт, алжыған, кет аўнаққа, Етлейиңди гҥйжиге тайттыяйман. («Алпамыс» дәстаны, 80-бет) Персонаждың тилинен баянланған бул қатарларды оқыў арқалы оқыўшы оның тилиндеги нуқсанды («р» сесин айта алмаў, бул сестиң орнына «й» сесин қолланыўы: айқа, есей, бейгей, шешей, тайтсан, тешей) ҳешқандай косымша түсиндириўлерсиз-ақ аңлай алады. Фонациялық паралингвистикалық қуралларды кӛркем шығармаларда қолланыў арқалы қаҳарманлардың физиологиялық ҳәм психологиялық жағдайларын, сондай-ақ, олардың ӛзине тән қәсийетлери болған жынысы, темпераменти, саламатлығы, туйғы-сезимлери ҳәм сӛйлеў процесиндеги ишки ҳалаты кӛркем қатарларға сиңдириледи. Паралингвистика бойынша ең дәслепки изертлеўлерден болған Л.Трейдлердиң мийнетинде паралингвистиканың объекти сыпатында тек сӛйлеўдиң сеслик тәреплерин: сӛйлеў тембри, сес күши, сӛйлеў темпи ҳәм ритм кӛрсетиледи. 2. Сӛйлеў тембри. Бул, тийкарынан, даўыстың жеке қәсийетлерине байланыслы болып, адамлардың даўыс тембрлеринде ӛзине тән ӛзгешеликлер сезиледи. Лингвистикалық әдебиятларда илимпазлар сес тембрин тӛмендегише түсиндиреди: «Сес тембри – сестиң тийкарғы тон ҳәм жәрдемши тонлар (обертон, парсиал тонлар) қосылыўынан пайда болатуғын сыпаты» [6:24]. Бунда сес тембрине структуралық жақтан баҳа берилген. Мақалада сес тембриниң мәнилик тәреплерине тийкарғы дыққат қаратылып, оның эстетикалық әҳмийети ҳаққында сӛз етиледи. Себеби, лингвопоэтикалық анализде кӛркем текст тили системалы түрде, яғный, лингвистикалық – поэтикалық – эстетикалық бағдарда үйрениледи. «Тембр сӛйлеўдиң суперсегмент бирлиги, даўыс түрлениўи кӛринисинде де жүзеге шығады: ғәзеп тембри, қуўнақ тембр, түскин тембр сыяқлы. Тембрдиң бул түрлери сӛйлеўдиң эмоциональ- экспрессивлик қәсийетлерин тәмийинлейди» [6:26]. Сӛйлеў тембри тийкарынан сӛйлеўшиниң коммуникация процесиндеги туйғы-сезимлерин аңлатып келеди. Мәселен, Ғәзеп тембри. Булардай жаман туўысқан, Ӛлгени тәўир болыпты, Кӛмбей таслаң далаға, Шоқытыңлар ғарғаға. («Қырық қыз» дәстаны, 104-бет) Бул қатарларда елге душпан шаўып келгенде алты туўысқан ағасы елин жаўдан қорғамағаны ушын Гүлайымның ӛз ағаларына болған ғәзеби сүўретленген. Қаҳарманның бул сезимлерин тыңлаўшыға тәсирли жеткериў ушын жыраўлар бул қатарларды ғәзеп тембри менен жырлаған. Фольклор дӛретпелери аўызеки атқарылғанлығы ушын лирикалық қатарлардағы тийкарғы мазмунды тыңлаўшыға жеткериўши биринши қурал даўыс, даўыс тоны есапланады. Себеби, атқарыўшылардың даўыс тоны дәстандағы ўақыялардың образлы ҳәм тәсирли баянланыўын тәмийинлейди. Жазба әдебиятта болса бул ўазыйпаны иркилис белгилери атқарады. Аўызеки әдебият пенен жазба әдебияттың тийкарғы парқы да мине усы жерде кӛзге тасланады. Қуўнақ тембр. Қутылдық залым патшадан, Туўдырып елге шадлықты, Халықты қылдың абадан, Сизлердей әдил ер болса, Бизлердей халыққа не әрман. («Қырық қыз» дәстаны, 175-бет) Бул қатарларда елдиң залым патшадан қутылғанлығы сӛз етилген. Бирак, биз, буны лингвопоэтика кӛзқарасынан талқылайтуғын болсақ, онда азатлыққа ерискен халықтың қуўаныш ҳәм шадлық, ғәрезсизлик ушын шүкиршилик ҳәм ӛз қаҳарманларына шексиз миннетдаршылық сыяқлы сезимлерин аңлай аламыз. Атап ӛтилген сезимлерди тыңлаўшы да сезиниўи ушын жыраўлар қуўнақ тембрде жырлаған. Сӛйлеў тембринен персонажлар тилинде орынлы пайдаланыў, баянланып атырған ўақыяның еле де жанлы, кӛркем ҳәм тәсирли болыўын тәмийинлейди. Тҥскин тембр. − Мени неге бендем дедиң тәңирим, Отқа жанып, шықты қара кӛмирим, Арысландай жан ағамнан айрылып, Әрман менен ӛтер болды ӛмирим. («Қырық қыз» дәстаны, 78-бет) Дәстанда еки бирдей туўысқан, ағасы ҳәм қарындасы душпан ҳийлесиниң қурбаны болады. Текст лингвопоэтикалық жақтан анализленгенде тийкарғы дыққат тилдиң эстетикалық ўазыйпасына қаратылады. Яғный, ағасынан айырылған қыздың қапашылық ҳалаты, оның муңлы сезимлери түскин тембр жәрдеминде атқарылғанда, тыңлаўшының сезимлерине тәсир етип, ҳәттеки қаҳарманлардың эмоциялық жағдайы тыңлаўшыларға кӛшип, олар да дәл усы сезимлерди ӛзлеринде сезине алады. Аўызлыға сӛз қылып, Мендей муңлы нашарды, Душпаныңа қор қылып, Қайда бир жүрдиң, жан аға? («Алпамыс» дәстаны, 19-бет) Алпамыстың қарындасы Қансулыў тилинен баянланған бул қатарлар терең қайғы менен атқарылған. Қансулыў ӛзиниң жалғыз туўысқанын узақ сапарға қыймай, оны қушақлап жылайды. Қарақалпақ қаҳарманлық дәстанларының басым кӛпшилигинде батырлар жаўға атланғанда яки сапар шегип баратырғанда ӛз шаңарағы, ели менен хошласып, ишиндеги қыйналыў ҳәм сағыныш сезимлерин муң-шер қосықлары менен билдиретуғын болған. Бунда атқарыўшылар даўыс тембри имканиятларынан пайдаланған. 3. Сес кҥши (интенсивлиги). Әдетте, сес күши қаншелли жоқары болса, сес соншелли қатты айтылады деп кӛрсетиледи. Сес күши инсанның жынысына ҳәм жас ӛзгешелигине де байланыслы болып, ерлер менен ҳаяллардың, жас бала менен ересек адамлардың сес күшлери бир-биринен парықланады. Сондай-ақ, айырым адамлардың даўысы қатты жоқары болса, базылардың даўысы ӛлпең ҳәм әсте болады. А.Ҳайдаров «Коннотатив маънонинг фонетик воситаларда ифодаланиши» деп аталған диссертациясында фонетикалық қураллар жәрдеминде берилген коннататив мәнилер тилдиң кӛркемлигине хызмет етеди, бул мәни оттенкаларының суперсегмент элементлерде күшли екенлиги ҳәм де усы мәнилердиң пайда болыўында тил сеслериниң парадигматикалық ҳәм синтагматикалық байланысы әҳмийетли роль ойнаўы ҳаққында ӛз жуўмақларын береди [7:136]. Соңғы изертлеўлерде тил билиминде еркек, ҳаял ҳәм бала тилине тән болған сеслик қәсийетлер социолингвистикада ӛз алдына үйренилип атыр.
4. Сӛйлеў темпи (ырғағы). Сӛйлеў темпи, тийкарынан, инсанның физиологиялық ҳәм эмоциялық жағдайы ҳәм коммуникация процесине байланыслы болады. Айырым адамлар әсте сӛйлесе, базылар жүдә тез сӛйлейди. А.Нурмановтың мийнетлеринде сӛйлеўдиң сыртқы тәрепи сӛйлеў жағдайына байланыслы болып, даўыстың түрли интонациялық модуляциясы, сес темпи, сес бояўы паралингвистикаға тийисли деген пикирлер берилген. Қайларда, қайда кӛрген ғаррыңман, Кешеги барған баланы, Алдап-суўлап қолыңа ал. Гәҳи тыңла, гәҳи тыңлама, Ендигисин ӛзиң бил, − деп, Жан тәслим етти шул заман. («Едиге» дәстаны, 26-бет) «Едиге» дәстанынан келтирилген бул мысал үш жүз алпыс жас жасаған деп кӛрсетилетуғын Соппаслы Сыпыра жыраў тилинен баянланған. Бул қатарлар дәстан атқарыўшылары тәрепинен персонаждың физиологиялық ҳалатын ҳәм жас ӛзгешелигин есапқа алған ҳалда әсте темпте атқарылған. Мелодика. Сӛйлеўде даўыстың (тонның) жоқары- тӛмен кӛринисте толқынланыўы мелодиканы жүзеге келтиреди, мелодика болса гәптиң айтылыў мақсетине қарай түрлерин белгилеўде зәрүр қурал саналады. «Тербелис жийилиги сӛйлеўде басқа акустикалық қураллар (пәт, интонация, тембр, темп сыяқлы) менен байланысқа түсип, қурамалы сести пайда етиўи де мүмкин, бундай қурамалы сеслерден болса түрли экспрессив-стилистикалық мақсетлерде, әсиресе поэтикалық қатарлардағы сес түрлениўлерин пайда етиўде қолланылады» [6:25]. Сӛйлеў процесинде гәптеги барлық сӛзлер, олардағы буўынлар бирдей даўыс пенен айтылмайды. Олар гәптиң мазмунына қарай, сондай-ақ, сӛйлеўшиниң эмоционал жағдайына қарап ӛзгерип турады. − Зер кӛйлектиң етегин илер ме екен, яр-яр, Қәдиримди тексиз қул билер ме екен яр-яр, Қор қылма бундай қулға султан басым, Жанымды алсаң қайылман, пәрўардигар, яр-яр. («Алпамыс» дәстаны, 83-бет) «Алпамыс» дәстанынан келтирилген бул қатарлар Алпамыстың яры Баршынның тилинен сӛз етилип, ярынан айырылған Баршын Ултан қулға некеленбесинен алдын ӛз басын ӛзи жоқлап, зар жылап сыңсыў айтады. Сыңсыў қосықларында, кӛбинесе, ӛзи қәлемеген адамға турмысқа берилип атырған қызлардың қайғылы ҳәсиретлери сӛз етилип, қызлар бул муңлы қосық қатарларын ӛзлери ойлап тапқан. Олардың музыкалылығы дәстандағы басқа қатарлардан ӛзгешеликке ийе болып, бунда қаҳарманның ишки дебдиўлери лирикалық қатарларға сиңдириледи. Дәстан атқарыўшылары бул қатарларды ӛз мелодикасына салып жырлайды. ««Сыңсыў» той мәресими қосықларында ана журт ҳәм шаңарағы менен хошласыў мотивлери оларды «жоқлаў» − қайғылы қосық айтыў мәресими менен жақынластырады. Айырым изертлеўшилердиң кӛрсетиўинше, «Сыңсыў» ҳәм «Жоқлаў» ортасында генетикалық байланыс болып, екеўи де түскин жағдайда, марсия формасында атқарылады» [8:115]. Фонациялық паралингвистикалық қураллар сӛйлеў процесиниң кемис орынларын толықтырады ҳәм қосымша мағлыўматлар береди. Олар дәстанлар тилинде ҳәр түрли поэтикалық хызметлерди атқарып келген: − гәптиң мазмуны ҳәм мақсетин кӛркем баянлайды; − қаҳарманлардың ишки сезимлерин лирикалық қатарларға кӛширип, оларға тән болған жеке қәсийетлерин образлы сүўретлейди; − тыңлаўшының сезимлерине тәсир етип, оларда терең ой пайда етеди, күлдиреди, жылатады, эстетикалық ойлаўын қәлиплестиреди ҳәм әлемди ӛзгеше нәзер менен сезиниўди үйретеди. Жуўмақлап айтқанда, паралингвистикалық қураллардың лингвопоэтикалық әҳмийетин үйрениў арқалы кӛркем дӛретпе тилиниң эстетикалық ўазыйпасы биринши планға шығарылады. Әдебиятлар 1. Розенталь Д.Э., Теленкова М.А. Словарь-справочник лингвистических терминов. Пособие для учителя. – Москва: Просвещение, 1985. –С. 176. 2. Жеребило Т.В. Словарь лингвистических терминов. Назрань: Пилигрим, 2010. –С. 254. 3. Колшанский Г.В. Паралингвистика. – Москва: «Наука», 1974. –С. 494. 4. Ахманова О.С. Словарь лингвистических терминов. – Москва: Сов. Энциклопедия, 1969. –С. 217.
5. Ҳакимов М. Ўзбек прагмалингвистикаси асослари. − Тошкент: Akademnashr, 2013. –С. 172.
6. Jamolxonov H. Hozirgi o‘zbek adabiy tili. − Toshkent: Talqin, 2005. 271-b.
7. Ҳайдаров А. Коннотатив маънонинг фонетик воситаларда ифодаланиши. Филол. фан. номз. … дисс. – Тошкент, 2009. 136-б.
8. Бекжанова Б. Қорақалпоқ тўй маросими фольклорининг тарихий-этнографик хусусиятлари. Филол. фан. номз. … дисс. − Нукус, 2020. 115-б.