ҚАРАҚАЛПАҚ ӘДЕБИЯТТАНЫЎ ИЛИМИНДЕ ЛИРИКАЛЫҚ ОБЪЕКТ МӘСЕЛЕСИ

Authors

Keywords: lyrics, lyrical subject, lyrical hero, lyrical object, poet's spiritual world, lyrical "I"

Abstract

This article discusses the scientific views and opinions expressed by Karakalpak scientists on the issue of the lyrical object, which is not the object of a special study in Karakalpak literature. The place and role of the lyrical object in creating the image of the lyrical hero are shown. The specific features are revealed of in the lyrical object. As a result, the question of the lyrical object is argued from a scientific point of view.

References

1. Шекленген автор образы.

2. Улыўмаласқан автор образы. Шекленген автор образы – бул биз жоқарыдағы бӛлимде тоқтап ӛткенимиздей, шайырдың ӛмир қубы- лыслары туўралы кӛзқарасы ҳәм дүньятанымының шекленгенлиги, руўхый дүньясының жарлылығы менен белгиленеди. Себеби, кӛркем шығарма дӛретиў авторға күтә үлкен талаплар ҳәм жуўапкершиликлер жүклейди, солай екен, лирика майданындағы барлық дӛретилген шығармалар поэзия бола бермейди. Дурыс, шайыр тур- мыстан анағурлым салмақлы, терең, адамларды ойлан- дыратуғын пикир табыўы мүмкин, бирақта бул пикир сезим менен суўғарылмай, ал мәзи сып-сыйдам, жа- лаңаш сӛзлерден қурастырылған болса, онда қаншелли тапқырлық пенен дүньяға келген ҳәр қандай пикир де ӛз әҳмийетин жоғалтады. Солай екен, илимпаз К.Худайбергеновтың биз жоқарыда келтирген әдеби- ятшы Т.Мәмбетниязов пенен илимий тартысқа түскен пикирин толықтырсақ, онда екинши илимпаздың лири- калық қаҳарман образы деп баҳалаўлары биринши илимпаздың айтқанындай, тек автор образы ғана емес (булай деў еле де болса жеткиликсиз, автор образын бийкарлаў болады), ал шекленген автор образы болып шығады. Шайыр гейде автор образы менен-ақ кӛпшиликтиң жүрегине қозғаў сала алатуғын турмыслық әҳмийетке ийе болған мәселелерди бере алады. Демек, бул – улыўмаласқан автор образы. Ӛйткени, ӛмир қубы- лыслары шайырдың жүреги арқалы берилгенликтен бул жағынан ол гейде автобиографиялық характерге ийе болып сезиледи. Бирақ ол усының менен шекленип қалмай ӛзиниң ӛсиў жолын тағы да даўам етсе, ол жәмийетлик образлы пикир дәрежесине кӛтериледи. Демек, лирикада шайыр менен ишки кеширмелери сәўлеленип атырған инсан биригеди ҳәм олар пүтин бир организмге айланады. Әне, сонда ғана улыўма- ласқан автор образы ҳәм лирикалық қаҳарман дүньяға келеди. Демек, лирикалық қаҳарман кӛпшиликтиң иш- ки кеширмелерине сәйкес келгениндей, гейде улыўма- ласқан автор образы арқалы-ақ басқалардың да сезим- туйғыларын қозғай алатуғын қосықлардың бар екенли- гин кӛриўге болады. Мәселен, белгили әдебиятшы Қ.Оразымбетовтың дурыс таллап кӛрсеткениндей, «Иб- райым Юсуповтың «Орфейге», «Шойдания», «Қыз дәўраны атлы алтын тақтыңнан», «Кеўил аспанымда жулдызлар сӛник», «Пазыйлет», «Кепти мине жас то- пырағың» атлы қосықлар цикли бар. Мысалы, И.Юсуповтың мынадай қатарларына дыққат аўдарып қарайық: Кеўил аспанымда жулдызлар сӛник, Ай да он тӛртинде толғанды қойды. Қыяллар ҳәр түрли муқамға дӛнип, Жоқты-барды әрман қылғанды қойды. Шағлап отырар ем тойларда бурын, Енди барып қалсам набада оған, Қапталымда болмаса да бос орын, Кеўлимде бир гүрси бос турар мудам… [8:66]. Және бир қосық қатарлары болса шайырдың үгит- нәсиятлық лирикасының да лирикалық қаҳарманының, яғный автордың ӛзиниң образының даналық пикирле- риниң орынлылығын тастыйықлап, ол да бәрибир улыўмаласқан лирикалық қаҳарман образын бизиң кӛз алдымызға келтириўи менен баҳалы: Атың сүрингенде ақылдан саспа, Тур да шаңыңды қақ, урма атыңды. Басқа ис түскенде сыр берме ҳасла, Жоқары тут ерлик инабатыңды. Нәмәртлер бундайда барып тасаға, Жүгинеди шарап толы кәсаға. Ғам-қайғы мәртликти жақтырмаса да, Ӛмир жақсы кӛрер мәртлик затыңды [8:68]. «Буларда лирик қаҳарман шайырдың ӛзи. Бул бир қарағанда, ӛмирбаянлық қосық. Ӛйткени, онда шайыр лирик қаҳарманның жеке басына түскен қайғыны сӛз етиў объекти сыпатында таңлайды. Бирақ гәптиң бәри де сонда, бул қосықлар жеке адамның қайғысы, муңы ҳаққындағы қосықлар болып ғана қоймай, улыўма адамзатлық машқалалар ҳаққында сӛз етиўши, адамый- лық мәпке хызмет етиўши қосықлар дәрежесине кӛте- рилген. Олар лирикалық қаҳарманның жеке дәрти, қайғысы емес, бәлким, бизиң ҳәр биримиздиң басы- мызға түсетуғын қайғы екенлигин түсинип жетесең» [4:21]. Демек, автор образы линиясынан жүрип-ақ ли- рикалық қаҳарман дәрежесине кӛтерилиў – бул шайырдың жеке талантына, ӛткир поэтикалық нәзе- рине, турмыс шынлығын таңлаў шеберлигине ҳәм әлбетте, руўхый дүньясының байлығына байланыслы болады екен. Солай екен, автор образы ҳәм лирикалық қаҳарман ҳаққында пикир билдиргенимизде бизден олардың уқсас ҳәм айырмашылық тәреплерин дурыс айырып билиўимиз талап етиледи. Бул мәселени үйрениўде соңғы жыллардағы қарақалпақ әдебияттаныў илиминде XX әсирдеги қарақалпақ лирикасын илимий теориялық түрде таллап сӛз еткен әдебиятшы Қ.Оразымбетовтың «Ҳәзирги қарақалпақ лирикасында кӛркем формалардың эволю- циясы ҳәм типологиясы» (2004) деген атамадағы моно- графиясы белгили әҳмийетке ийе. Илимпаздың XX әсирдеги қарақалпақ лирикасының формалары- жанрлары туўралы итибарлы ойлары, билдирген или- мий-теориялық пикирлери ҳәм әдебий кӛркем матери- алларының кӛпшилиги дерлик әдебий қаҳарман (лири- калық қаҳарман) образын жаратыў мәселелерине қат- наслы екенлиги бизиң алға қойған темамызды дурыс жуўмақластырыўға жәрдем берери анық. Қ.Оразымбетов лириканың ишки жанрлық формаларын кӛрсете отырып, сол арқалы конкрет түрде И.Юсупов, Ш.Сейтов, Т.Мәтмуратов, К.Рахманов, Ж.Избасқанов, Ш.Аяпов, С.Ибрагимов, Б.Генжемуратовлардың поэзи- ялық дӛретпелериндеги лирикалық қаҳарман образы- ның айырым тәреплерине унамлы баҳа береди [5]. Әдебиятлар 1. Ахметов С. Қарақалпақ совет поэзиясы. – Нӛкис: «Қарақалпақстан». 1988. 267-б. 2. Ахметов С., Есенов Ж., Жәримбетов Қ. Әдебияттаныў атамаларының орысша-қарақалпақша түсиндирме сӛзлиги. – Нӛкис: ―Билим‖. 1994. 14-б.

3. Камалов Қ. Поэзияға терең пикир ҳәм жаңа ойлар керек. // ―Әмиўдәрья‖. 1986. №6. 94-б.

4. Оразымбетов Қ. Ҳәзирги дәўирдеги қарақалпақ лирикасында кӛркемлик излениўшилик. – Нӛкис: ―Билим‖. 1992. 21-б.

5. Оразымбетов Қ. Ҳәзирги қарақалпақ лирикасында кӛркем формалардың эволюциясы ҳәм типологиясы. – Нӛкис: ―Билим‖, 2004.

6. Худайбергенов К. Лирика ҳәм ӛмир. – Нӛкис: ―Қарақалпақстан‖. 1971. 11-б.

7. Худайбергенов К. Дәўир ҳәм парыз. – Нӛкис: ―Қарақалпақстан‖. 1987. 33-34; 48-49-б.

8. Юсупов И. Шығармаларының еки томлығы. –Нӛкис: ―Қарақалпақстан‖. 1992. Т. I. 66; 68-б.