ЖИЙЕН-ЖЫРАЎ АМАНЛЫҚ УЛЫНЫҢ ӨМИРИ ҲӘМ ДӨРЕТИЎШИЛИГИН ЖАҢАША КӨЗҚАРАСТА ҮЙРЕНИЎДИҢ АЙЫРЫМ МӘСЕЛЕЛЕРИ
Authors
Keywords: Jiyen Jirov Amanliq oglu, 1730-y, A.Karimov, K.Mambetov, K.Sultanov, Jiyen Jirov family tree table, 1710-y, 1784-y, 74 years
Abstract
References
1. Қарақалапақ бийлери Қара қанлар қусады, Күнниң жүзин кӛре алмай, Ақылынан сасады. Ханның есер батыры Он бес жасар қызларды Тақымына басады. Арзы айтқан адамды, Ериксиз дарға асады (31-б).
2. Қарақалпақ елинде Ақырзаман болады, Соңғыларға жыр қылып, Жийен-жыраў жырларды (32-б.).
3. Жетпис күнде қулапты Жаңа дәрья бойына (38-б.). Оның үстине, бул шығарманың коркемлик дәре- жеси, сүўретлеў усыллары еле оның эпикалық поэзияда мол тәжирийбе топламаған жас ўақытлардағы дӛре- тиўшилигиниң жемиси екенлигиннен дәрек берип ту- рады. Кӛрип отырғанымыздай, шайыр бул шығармада жоқарыдағыдай қурғақ баянлаўларға кӛбирек орын берип, фольклорлық толғаўларға тән улыўмалық сыпатлар шеңберинен шығып кете алмаған, онда дара дӛретиўшиликке тән стиль, сүўретлеў ӛзгешеликлери айтарлықтай кӛзге тасланбайды ҳәм бул шығармада шайырдың ӛзи «Посқан ел» поэмасындағыдай лирика- лық қаҳарман сыпатында геўделенбейди. Сонлықтан онда лирик қаҳарманның ишки ой-кеширмелери де, анығырақ лирикаға тән кӛркемлик сыпатлар дерлик сезилмейди. Соңғы 3 мысалдағы мазмунға сер салсақ, шайыр бул тақыяларды шайыр ҳәттеки кӛзи менен кӛрмеген де, тек биреўлерден еситкени бойынша жазып отыр. Соған қарағанда, Жийен-жыраўдың бул «Уллы таў» шығармасы қарақалпақлардың Уллы таўда жасаған дәўирин емес, ал Уллы таў қарақалпақларын Абылқайырдың 1730-жылдағы усы маканға жасаған шабыўылынан кейин, Түркистан, ямаса Cыр бойы қарақалпақларына келип қосылған дәўирлеринде дӛре- ген болыўы керек. Ўақыяның бул бағыт-бағдарын толғаўдағы мына қатарлардан да байқаўымыз мүмкин: 1.Уллы таўдан қашып посады, Барар белли мәкан жоқ, Посқыншы болған елимди Ҳайранлық зили басады. …Атраў деген жерлерде Бес мыңы басын қосады (35-б.). 2. Жаңа дәрья-Түркистан-, Пиядаға үш ай жол, Киятыр шӛлде қаңғалап, Таўсылмайды қыя шӛл (37-бет.). Түркистаннан посқалы, Бир ярым ай толады. …Еки айдың жүзи толғанда, Қуўандәрья сайына Басты келип қазаны. Қуўандәрья бойында Бир нешшеўи қалады, Бир нешшеўи жол тартып, Адым урып удайы, Жетпис күнде қулапты Жаңа дәрья бойына. (37-38-б.б.). Бул, демек, кӛрип отырғанымыздай, 1760-62-жыл- лардағы Киши жүз қаны, Ералы Султанның шабыўы- лынан кейинги Жаңа дәрья қарақалпақларының Хорезмге кӛшиўи емес, шығармада анық айтыл- ғанындай қазақ ханларының (Абылай, Абылхайыр ханлардың). Уллы таўга шабылыўынан кейинги тосқыншылық. Биз тарийхтан киши жүз ханы, Абулхайыздың Түркстан, Сыр бойы қарақалпақларына жасаған ша- быўылының 1743-жылы, ал усы қарақалпақларға орта жүздиң ханы Абылайханның шабыўылы, 1746-1747- жыллары болғанлығын жақсы билемиз. Оның үстине, профессор К Мәмбетовтың кӛрсетиўинше Уллы таў Түркстаннан әдеўир узақта болып, ата журты деген түсиникти аңлатыўшы мәкан болмаған. Бирақ, Тәўке ханның тусында (1680-1718) Уллы таў 1710-жылы усы хан тәрепинен қарақалпақларға инам етиледи. 1723- жылдағы шабыўылынан кейин бул мақпал жайлаўлы кең ӛрис Уллы таў ушын да талас тартыслар басланады. Ең соңында Уллы таўлы қарақалпақлар илажсыз Түркистан Сыр бойы қарақалпақларға қарай кӛшиўге мәжбүр болады, яғный киши жүз ханы Абылхайыр бул жерди де күш пенен басып алады. Демек, Жийен- жыраўдың сӛз етип отырғаны «Уллы таўы» - усы Уллы таў! Бул ўақыялар болса тарийхта 1720-1730-жыллары жүз береди. Егер, Жийен жыраў 1730-жылы туўылғаны рас бол- са, онда ол «Уллы таў» поэмасында сүўретленген жун- гарлар шабыўылы гезинде, яғный қалмақ ўақыялар жүз берип атырған дәўирлерде жаңа туўылып атырған бала болады. К.Мәмбетов сол ушында К.Султановтың «13 жаслар шамасындағы бала бундай ўақыяны қалайынша дӛретеди?» деген пикирин қуўатлап, Н.Дәўқараевтың «Жаўгершилик ўақтында Жийен-жыраў XVIII әсирдиң орталарында ӛмир сүрген дегенге усаған пикирлерине ол Абылқайырдың 1743-жылғы шабыўлы гезинде емес, 1723-жылдағы Цеван Ревтан Жунгарлар шабыўлы ге- зинде 13-жаста болған», деп анықлық киргизип, Жий- ен-жыраўды 1730-жылы емес, бәлки, 1710-жылы туўы- лып, 1784-жылы кӛп қыйыншылықты кӛрип, буўыны қатқан шайыр 74 жасында қайтыс болған болады [8], деген болжаў жуўмақларға келеди. Бул болжаўлар, бизиңше де, мақсетке муўапық. Себеби, шайыр 1760-62-жыллардағы Ералы Султан шабыўылынан кейинги посқыншылық ўақыялар сӛз етилген «Посқан ел» поэмасында «шырақларым, сиз- лердиң бахтыңызға не болды?» деп толғайтуғын кӛпти кӛрген данышпан қарыя, лирик қаҳарман сыпатында кӛзге тасланса, қарақалпақлардың Хорезмге келип, қоныс басқаннан кейинги дәўиринде дӛреген «Ҳәй, жи- гитлер, жигитлер!» «Ҳә ханымыз, ханымыз» «Алды артым бийик жер екен» толғаўларында Хийўа ханлары- ның қарақалпақларды бағындырыў ушын алып барған ҳийле тәсил, сумлыққа толы, жаўызлық ҳәрекетлеринен хабардар, ҳәттеки, бул сиясаттан әбден түнилип, оған қарсы гүресип аўзы пискен, халықтың азатлығын қорғаў ушын гүреслерде әдеўир тәжирийбелер топ- лаған, жасар жасын да жасаған, ақылы кәмил ата образында геўделенеди. Сол ушын да шайыр бул толғаўларында «айтажағым, балларым», «бир нәсият улларым», «кӛз кӛргенин айтайын» (22-бет.) дегендей аталық тилде халық улларын гүреслерде шарша- маўға,жигерли, ақыллы, сабырлы, турақлы болыўға шақырып, «буны, улларым, биз кӛрдик» (22-бет)деп ӛмир тәжирийбелеринен оларға (шама менен 30-40- жаслардағы гүрескен жигитлерге) нәсиятлар, ақыл- кеңеслер берип отырады. Тарийхтан белгили болғанындай, Жийен-жыраў толғаўларында «Ҳа, ханы- мыз, ханымыз…», «Ҳә, тӛрелер,тӛрелер» деп сүўретленгениндей ханның, оның әтирапындағы кеңесши ҳәмелдарлардың әдилсизлигине, жаўызлығы- на, басып алыўшылык сиясатына қарсы шығыўлар Хорезм қарақалпақлары арасында XVIII әсирдиң 70-жылларында ақ жүз бере баслайды. Себеби, бул дәўирлерде (1770-1790-жылларда) Хийўада ханлық еткен Мухаммед Әмин-инақ ӛзиниң ханлық дәўраны- ның дәслепки жылларынан баслап-ақ Хорезмниң арқа шегараларындағы Арал ӛзбеклери менен қарақал- пақларды багындырыў сиясатын алып барыўға тийисе- ди. [9] Бул, демек, Жийен-жыраўдың жетпис жаслар шама- сы дәўири деген сӛз. Солай екен, Жийен-жыраўды 1710-жылы туўылып, 1784-жылы 74 жасында қайтыс болды, деген болжаўлар тарийхый шынлыққа да бир қанша жақын келеди. Сол ушын ендигиден былай Жийен-жыраўдың ӛмири баяны ҳаққындағы бул ӛзге- рислерди әдебият тарийхына киргизиў ҳақыйқатлықтан тиккелей дерек беретуғын ақылға муўапық саўаплы ис болып табылады. Әдебиятлар 1. Кәримов А. Жийен-жыраўдың ӛмири ҳәм дӛретиўшилиги. -Нӛкис: ҚҚМБ, 1963,52-б. 2. Жийен-жыраў посқан ел. Қарақалпақстан халық творчествосы.-Тӛрткул: 1940, 5-б.Және де: Жийен Тағай улы. Посқан ел. Поэма. -Нӛкис: ҚҚМБ, 1961, 8-б. 3. Кәримов А. Кӛрсетилген мийнети, 40-б.
4. Ӛтеш шайыр. Таңламалы шығармалары. -Нӛкис: «Қарақалпақстан» 1978, 91-б.
5. Жийен-жыраў. Посқан ел. Толғаўлар ҳәм поэмалар. -Нӛкис: «Қарақалпақстан», 1984, 52-б.Соңғы мысалларда усы баспа- дан алынып, тек бетлери кӛрсетиледи.
6. Жийен-жыраў (Әдебий портрет). Қарақалпақ әдебияты тарийхы (Университет ушын сабақлық) Нӛкис: «Қарақалпақстан» 1983, 83-84-б.
7. Мәмбетов. К. Ерте дәўирдеги Қарақалпақ әдебияты. -Нӛкис: «Билим», 1992, 235-б.
8. Сонда, 236-237-б.б.
9. Мәмбетуллаев М, Тӛребеков М, Юсупов О. Қарақалпақстан тарийхы. -Нӛкис: «Қарақалпақстан», 2010,192-б.