Ж.ИЗБАСҚАНОВ ПОЭЗИЯСЫНДА ТЕҢЕЎЛЕРДИҢ СТИЛЛИК ҚОЛЛАНЫЛЫЎЫ

Authors

  • З.М. Қазымбетова

    Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты жанындағы академиялық лицей

Keywords: lyre, comparative image, similar, analogy form, lexical and grammatical, lexical and semantic methods, artistic image, detail, emotional expressive approach

Abstract

"Linguistic poetics" as a new branch of philological sciences, studying the language of fiction, was introduced by our philologists. The poetic language of the work of art are interested everyone, the main subject of the study of modern linguistic poetics. The full context, word and image, images, aesthetic consciousness - all this helps to make the author’s point of view attractive.

References

1. –дай//дей, -тай//тей қосымталы формада жасалған теңеўлер: Қозындай сексеўилдиң, Ғыжлаған ҳәррегенлер. Шыдатпай шаққан жери,Сызлаған ҳәррегенлер [4].

2. мисли, мегзеп, яңлы, киби сыяқлы тиркеўишлер арқалы жасалған теңеўлер: Гүмис мисли реңге оранып,Үнсизликке батар әти- рап та. Кӛкиректеги сағыныш-аралық, Толып қалды мың-мың жапыраққа [4]. . Кӛзин алмай пәтли ағыстан, Бәлент жағыстан-Эх, таўысқа мегзеп ол турды, Дәрья бойын ӛзи толтырды [4]. .

3. –ғандай//гендей, -қандай//кендей қосымталы ҳал фейилден жасалған теңеўлер : Жер сийнесин сөткендей,Аштырмайды кӛзиңди [4]. .

4. «усар» кӛмекши фейили арқалы жасалған теңеўлер: Жасыл майса теңизге усар,Тербеледи ол ҳәм жан сала,Тербелиси сулыў қаншама! [4].

5. Ҳешқандай қосымтасыз лексика-семантикалық усыл арқалы жасалған теңеўлер: Апрель аспанын,Бултлар қаплады. Ҳәм гүлдирмама,Тынбай датлады [4]. .

6. Интонация арқалы да жасалған теңеўлер: Сен-көнлимниң шуғласы! Сағынышымның сырла- сы…Дәртим-ышқы дүньясы, Ӛзге дүнья жоқ менде [4]. II. Ж.Избасқанов лираларында теңеўлер лексика- грамматикалық жақтан тӛмендегише жасалған; 1. Анық атлық пенен анық атлық теңелген. Сениң гүлдей түр-түсиң, Белиң болса бир қысым! [4] Бул қатарларда «ярдың түр-түси» менен «гүлдиң түр-түси» қатар қойылған. 2. Қыялый атлық анық атлыққа теңелген. Сулыў қыздай… Қыс-аппақ. Мисе тутпай бора- нын, Алсам деймен қушақлап,Қалмаған соң қарарым! [4] Бул қатарларда қыялый атлық «қыс» анық атлық «қыз» бенен теңелген. 3. Анық атлық қыялый атлыққа теңелген. Мен-бәҳәрмен.Он сегизге толған сулыўдай . Әлем гүллейтуғын мәҳәлмен [4]. . Анық атлық «адам» қыялый атлық «бәҳәр» ге теңел- ген. 4. Қыялый атлық пенен қыялый атлық теңелген. Татлы пайытлар болған тәслим, Көрген түстей жазың да, Күн шағырайып алтын паслың, Еслетеди базында [4]. . Қыялый атлық «жаз» және бир қыялый атлық «түс» пенен теңелген. 5. Бетлик атлық бетлик емес атлыққа теңелген. Гәпти ийлеп, шыйырмай, Ҳәр жерден бир шат- пақлап, Үзип кеткен сыйырдай,Жүрипти ол бат- пақлап [4]. Бул қатарларда бетлик атлық «шайырсымақ адам» бетлик емес атлық «сыйыр» менен теңелген. 6. Бетлик атлық және бир бетлик атлық пенен теңел- ген. Ҳасыл жыйнап болған дийқандай, Әбден толқып отырман енди. [4]. Бул қатарларда бетлик атлық «ҳасыл жыйнап болған дийқан» және бир бетлик атлық «ӛз қосығын дӛреткен шайыр» менен теңелген.

7. Бетлик емес атлық бетлик атлыққа теңелген. -Бар ма ӛмир бойы питпес әрманың? Ғамгүн ашықлардай, бирақ, гүнасыз, Шырайы келискен сәрўи талларым, Неге шақаңызды ийип турасыз? [4]. Бетлик емес атлық «сәрўи таллар» бетлик атлық «ғамлы ашық» қа теңелген.

8. Бетлик емес атлық бетлик емес атлық пенен теңелген. Анаў жартас көринер, Желқом яңлы ағарып [4]. . Бетлик емес атлық «жартас» және бир бетлик емес атлық «желқом» менен теңелген. Жийенбай Избасқанов лираларында сезимлер сүўретлеўден үстем турады. Деген менен, ол ойларын жоғалтпастан, ӛз пикирин анық ҳәм сезимталлы жетке- ре алады. Шайыр ӛз лираларында теңеўлерден кӛшир- мели усылда жүдә шебер пайдаланған [3]. Әсиресе, оның жыл мәўсимлерине байланыслы пайда болған теңеўлери басқа шайырлардың дӛретпелеринен оның дӛретпелерин ажыратып турады. Шайыр пасыллардың бирин адамдағы жасарыў, су- лыўланыў, толысыў, күшке ениў сыяқлы ӛзгерислерди бериў ушын пайдаланған болса, екиншисин адамның айралық дәрти, ойланыўы, толғаныўын бериў ушын пайдаланады. Ал, үшиншисин адамның қорқынышқа түсиў, қыйналыў, қәўетерлениў сыяқлы характерлерин ашып бериў ушын пайдаланған. Ж.Избасқанов ӛз дӛретпелеринде бәҳәр паслы, ҳәтте оның айларының ҳәр бирине шебер теңеўлерди келтире алған. Мен-бәҳәрмен. Он сегизге толған сулыўдай, Әлем гүллейтуғын мәҳәлмен[4]. . Бул қатарларда тәбияттың жан ениўи, сулыўланыўы менен қыздың жасына толып және де гӛззалланыўын бир қатарға қояды. Бәҳәр ҳәм ондағы айларды инсан ӛмириндеги ең татлы сезим-ышқының кирип келиўи ҳәм кеўилге ор- наўы менен теңеген. Мысалы: Эй, Жийенбай , мына қарлы қыстан соң, Қәне енди, ышқ паслындай-март келсе?!... [4]. Бәҳәр паслынан рәҳәтлениў, оны суўық қыстан соң асығыслық пенен күтиў сезими жаңадан шертилген саздан рәҳәтлениў, күтилген саздың дӛрегенинен заўықланыў менен байланыстырылады. Мысалы: Апрель жаңбырындай жағымлы, Шӛл- қәлбиме сиңеди сазлар. Тебирендирер мениң жанымды,Сӛйтип, әбден ерите жазлар. [5] Шайыр Ж.Избасқанов гүз паслына ӛз алдына кӛби- рек итибар береди. Гүз мәўсимин инсан кеўлиндеги айралық, сағыныш, хошласыў сезимлери менен қатар қойған. Мысалы: Кӛкирегим қаңырап мениң де, Кепкенин- дей гҥзги сайлардың. Тәўир-ақ дәртли жүргенимде,Бахыт таппай қайта айландың. [4]. Бул қатарларда гүздеги сайлардың кебиўи яр кеўли- ниң сағынышқа толыўы менен теңлестирилген. Ал, мен билмей турман гҥздиң қыялын, Жигит билмегендей қыздың қыялын [4]. Бул қатарларда гүз паслының ӛзгермели келиўи ме- нен қыз қыялының да ӛзгермели келиўи айтылған. Гүздеги элементлер де шайыр нәзеринен сыртта қалмаған. Кӛп кҥткен жаңбырдай, Лирам-таллардың Жапырақлары менен бирге тӛгилер… [4]. Бул қатарларда кӛп күтилген гүздеги жаңбыр ме- нен кӛп ойланып дӛретилген қосық қатар қойылған. Ӛтпектесиз шақмақтай зыңлап, Ӛмиримниң ӛткеллери. [4]. Бул қатарларда гүздеги шақмақтың тез шағыўы ме- нен ӛмирдиң тез кӛзди ашып жумғанша ӛтиўи қатар қойылған. Жапырақлардай шырайы ушты, Ҳүўлеп қалған кӛңил-бағымның. [4]. Бул қатарларда гүздеги жапырақтың солғын ҳалға түсиўи ҳижранлы инсанның дәртиниң асыўы, нәтийжеде солғын кейпиятта болыўы менен теңлести рилген. Әзийзим, сен басқаларға бол әрман, Күлки мәңги айрылмасын жүзиңнен, Сен болмасаң сарғаярман, соларман, Жапырақлардай шақасынан ҥзилген [4]. Бул қатарларда гүздеги шақасынан үзилген жапырақ пенен ярынан айырылған ашық қатар қойылған. Шайыр Ж.Избасқанов қыс мәўсимин инсан ӛмирин- деги қәўетер, жатсыныў, тәшўишлениў сыяқлы сезим- лери менен қатар қойса, оның тийкарғы элементи болған қардың кеўил пәклиги, гирбиңсизлиги менен тең екенлигин кӛрсетеди. Тәшўиш салар январдың леби, Жат алақандай [4]. Шайыр бул қатарларда жақында келген январдың таныс болмаған суўық лебин таныс емес жат алақанға мегзеткен. Қыс қарындай борап келгенде, Бир басыңа небир ғәремет, [4] Шайыр бул қатарларда инсан басына бирден күтил- мегенде түскен күлпет пенен борап келип қалған қарды қатар қойған. Бул-әййемги Эол тарындай, Бәлки, Тәңирим садасы шығар?! Жыр-гирбиңсиз қыстың қарындай, Бурқасынлап –қуйып, басылар… [4]. Бул қатарларда шайыр аппақ, дақсыз, ҳеш из түспе- ген қар менен жаңа дӛрелген, ҳешкимниң нәзери түспе- ген жырды қатар қойған. Из тҥспеген тҥндеги қардай, Таза болсын бизиң жанымыз. Мухаббеттен нурлы жанардай Алтынланып атсын таңымыз [4]. . Ал, бул қатарларда аппақ қар менен инсан жүреги- ниң тазалығы қатар қойылған. Сени аңсап ҳәрдайым, Киятырман қардайын, Баўырыма бассам деп! Әтирап-аппақ, Аспан-кӛк!... [5]. Жерди ийелеўге ҳәрекет етип киятырған қар менен ярына ериспекши болған ашық қатар қойылған. Жуўмақлап айтқанда, кӛркем әдебият басқа әдеби- ятлардан кӛркемликке ийе болыўы менен айырылып турады. Оның «кӛркем әдебият» дәрежесине жетиўи кӛркем сӛз арқалы болады. Кӛркемлиги жоқ сӛзлер күнделикли сӛйлесиўде қолланылатуғын шийки сӛз. Оны писирип, қайта ислеп кӛркемлик дәрежеде инам ететуғын –бул шайыр. Ж.Избасқанов сондай шайыр- лардың бири-ол әпиўайы биз елестире бермейтуғын деталларды да кӛркем деталға айландыра алады. Бул орында ол теңеўлерден, әсиресе «пейзажлық теңеў»лерден утымлы пайдалана алған. Ҳәзирги ўақыттағы қарақалпақ тил билиминиң ал- дында турған әҳмийетли ўазыйпалардың бири қарақал- пақ шайыр, жазыўшыларының кӛркем тилин лингвопо- этикалық бағдарда изертлеў болып табылады. Ж.Избасқанов ӛзине тән стили қәлиплескен, сӛз таңлаў шеберлиги жоқары, талантлы шайырларымыздың бири. Оның шығармаларының кӛркем тилин изертлеў арқалы бүгинги қарақалпақ поэзиясының кӛркем-эстетикалық дәрежесиниң қаншелли дәрежеде жоқарылағанын аңлаў мүмкин. Әдебиятлар 1. Абдиназимов Ш. Лингвопоэтика. – Нӛкис: 2019, 24-б. 2. Абдиназимов Ш. Бердақ шығармаларының тили. –Ташкент: 2006, 164-б. 3. Оразымбетов Қ. Ҳәзирги қарақалпақ лирикасында кӛркем формалардың эволюциясы ҳәм типологиясы. –Нӛкис: 2004. 4. Избасқанов Ж. Ақ қуслар. –Нӛкис: 2014. 5. Избасқанов Ж. Мухаббат лирикасы. –Нӛкис: 1992. 6. Қайыпов Ә. Жийенбай ҳәм апрель жаңбыры... – Нӛкис: 2019.