ҚАРАҚАЛПАҚ ЛЕКСИКОГРАФИЯСЫНДАҒЫ ЕКИ ТИЛЛИК АЎДАРМА СӨЗЛИКЛЕРДИҢ ДҮЗИЛИЎ ПРИНЦИПЛЕРИ

Authors

  • М.Т. Мамбетмуратова

    Nukus State Pedagogical Institute named after Ajiniyaz image/svg+xml

Keywords: word, dictionary, lexicography, term, list, entry, lexicographyer

Abstract

In article paths of formation and development of the Karakalpak lexicography are considered. The review of principles of building of bilingual translation dictionaries in the Karakalpak tongue is made.

References

1. Қарақалпақ тилинде берилетуғын ҳəмме бас (реестр) сөзлер ҳəзирги қарақалпақ əлипбеси тəртибинде берилген;

2. Сөзлердиң мəнилери басқаларына салыстырғанда араб цифралары арқалы келтирилип, оған байланыслы фразеологизмлер ушырасып қалған жағдайда сол сөздиң мəнисиниң изинен келтириледи. Мысалы: Ат -1) бросать, швырять, кидать; тасты ат- бросать ка- мень; топ ат-бросать мяч, 2) стрелять; мылтық ат-стрелять из винтовки, из ружья; Үйректи ушардан ат- бить утку на лету; Жапалақ көрсең атып ал, жаманнан бойың сатып ал - погов. когда увидить сову- застрели, а от плохого человека отойди, хотя бы тебе пришлось заплатить за это (букв. куни самого се- бя); қырман ат – веять; насыбай ат – закладывать (за губу, под язык) табак.

3. Гейпара фразеологиялық материаллардың, идиомала- рдың мəнилери рус тилиндеги ҳəриплер менен айырып көрсетиледи: ақ 1) белый; …2) прям и перен. чистый; ақ жүрек а) чистосердечный; б) добрый, добродушный; …

4. Омонимлер айырым мақала түринде келтирилип, рим саны менен берилген. Мысалы: Жай I место … Жай II оқ жай или сары жай лук (оружие) Жай III так себе, просто, без причины …

5. Егер қарақалпақша сөз өз алдына қолланылмаса яма- са белгили бир дизбеклерде ушырасқан жағдайда оның изинен қос ноқат қойылып, мəнисин аңлатыўшы фразеоло- гизм усынылады: бағыўшылық: мал бағыўшылық- ското- водство; шошқа бағыўшылық- свиноводство. Сөзликте булардан басқа санлық, алмасық, фейил сөзлер, олардың түрлише формаларының қалай қолланы- лыўына байланыслы көрсетпелердиң берилиўин де биз орынлы деп есаплаймыз. Сөзликтиң соңында онда қабылланған шəртли қысқартыўлардың дизими де бар. Бул сөзлик бирнеше жылдан берли халқымыз зыялыларының ўəкиллери болған илимий хызметкерлер, орта арнаўлы жəне жоқары оқыў орынларының оқытыўшылары, күнделикли баспасөз ҳəм баспа хызметкерлерине ана тилимиздиң лексикалық бай- лығын ҳəмме тəреплеме сəўлелендириўде ең зəрүрий қураллардың бири ретинде хызмет етип киятыр. Соңғы жылларда республиканың социал-экономикалық ҳəм мəдений өмиринде айта қаларлықтай өзгерислер бо- лып, олар ҳəзирги Қарақалпақстанның илими, техника- сы,аўыл хожалығы, мəденияты т.б. салаларында қолланы- латуғын жаңа түсиниклер келип шығыўы ҳəм терминлер- диң раўажланыўы менен байланыслы екенлигин көремиз. Республикамыз лексикографлары тəрепинен жаңа Қарақалпақша-русша сөзликти дүзиў бойынша жумыслар 80-жыллардан баслап қолға алынып, оны дүзиў бойынша инструкцияда исленип шығылған. Сөзликтиң инструкциясында көрсетилиўи бойынша дүзиўшилер оған төмендегидей категорияларға қатнаслы сөзлер кирмейди деп ескерткен: а) базыбир топардағы қəнигелер тəрепинен қолланыла- туғын арнаўлы терминология менен кəсибий сөзлер, мыса- лы:лигнит-горючее полезное ископаемое; селет- археологическая культура начала верхнего палеолита; б) шығысы жағынан араб-иран сөзлери болып есапла- натуғын гөнерген китабый сөзлер,мысалы: лəҳəт,матлуб,мүдəррис т.б.; в) түрлише фонетикалық вариантларда қолланылатуғын дублет сөзлер, мысалы: күдик-əдебий тилде: гүдик, килт- əдебий тилде: гилт, туман- əдебий тилде: думан т.б. г)диалектлик грамматикалық вариантлар ретинде қол- ланылатуғын сөзлер, мысалы: кирейкеш//кирей-ши, əкел- дилер//əкелди, салғырт//салық т.б. д) онша əҳмийетли болып табылмаған лексикалық ва- риантлар, мысалы: там//жай, лампа//шыра,т.б. е) гейпара диалектлер менен говорларда қолланы- латуғын рус тилинен алынған өзлестирмелер, мысалы: зəкүн//нызам, бистабки//көргизбе, сабрайын-// жыйналыс, прикез//буйрық т.б. Соның менен бирге, Қарақалпақша-русша сөзлик қарақалпақ тилиниң ҳəмме байлығын өзине қамтыўы тийис, атап айтқанда онда халық аўызеки дөретпесиниң ҳəмме жанрларын қамтыйтуғын бай қарақалпақ фольк- лорының, барлық көркем əдебияттың ҳəмме сөзлик қура- мын, сондай-ақ тийкарғы жəмийетлик сиясий ҳəм илимий терминологияны өз ишине алыўы керек. Демек, аталған сөзлик өзиниң хызмети бойынша қарақалпақ ҳəм рус тиллерин үйрениўшилерге, дил- машларға түркий филологиясының ҳəр түрли машқалала- рын үйрениўшилерге керекли дерек ретинде хызмет етеди. Бул жумыс авторлары қарақалпақша-русша сөзликти екинши мəртебе толықтырып дүзиўшилерге қолайлықлар дүзип бериў ушын көплеген жағдайларды есапқа алғанлығын көремиз. Сөз шақапларының қандай фор- маларда берилиўи ҳəмме ўақытта да авторлардың дыққат орайында болған. Мəселен, атлық, келбетлик, санлық, ал- масық, рəўишлер, фейиллер, көмекши сөзлер, таңлақлар, еликлеўишлердиң сөзликте қандай жерлерде келиўине байланыслы олардың орын тəртиби, тийисли көргизбели материаллар менен тəмийинлениўи итибарға алынған. Онда көргизбели материал хызметин түрлише сөз диз- беклери, сондай-ақ нақыл-мақаллар, фразеологиялық диз- беклер, көркем шығармалардан алынған мысаллар атқарған. Оларды рус тилине аўдарыўда соотв. деген бел- ги, ямаса бундайлар болмаған жағдайда в смысле белгиси қойылады. … жүкти нар көтереди погов. соотв большому кораблю - большое плавание(букв.тяжелый груз одногорбый вер- блюд поднимает); Қара ешки ақ болмас, ата душпан дос болмас посл.в смысле: черная коза белой не будет, заклятый враг другом не станет. Ақыл жаста емес, баста болар посл.в смысле ум не в летах,а в голове. Төбе шашы тик турды- фраз.у него волосы встали ды- бом. Соның менен бирге, инструкцияда жаңа сөзликтеги шəртли қысқартыўлардың түрлериниң мысаллары бери- лиўин орынлы деп есаплаймыз. Əдебиятлар 1. Баскаков Н.А. Предисловие в ,,Каракалпакско-русский словарь” –М.: 1958. 2. Баскаков Н.А., Доспанов У.Д. Инструкция для составления Каракалпакско- русского словаря. -Н.:1983. 3. Насыров Д.С., Убайдуллаев К.У. ҳəм басқалар Қарақалпакша-русша сөзлик (проф.Н.А.Баскаковтың редакторлығында). - М.: 1958.